Мектеп питкериўшилериниң де бәнтлиги тәмийинленбекте

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 2-февральдағы «Улыўма орта билим бериў мәкемелеринде оқыўшыларды шет тили ҳәм заманагөй кәсиплерге оқытыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында» ғы қарарына муўапық 2024-2025-оқыў жылынан баслап кәсип-өнерге оқытыўдың жаңа системасы енгизилди.

    2024-2025-оқыў жылынан баслап тәжирийбе-сынаў сыпатында республикамыздағы жәми 17 улыўма орта билим бериў мектеплеринде оқыўшыларды кәсип -өнерге үйретиў бойынша кәсиплик тәлим устасы штаты енгизилди. Усы мектеплердеги енгизилген штатқа жумысқа алынған усталарды кәсиплик раўажландырып барыў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы тәжирийбесин ен жайдырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен тастыйықланған режеге тийкарланып Нөкис районындағы 1-санлы айырым пәнлер тереңлестирип оқытылатуғын улыўма билим бериў мектебинде «Кәсиплик тәлимди раўажландырыў» атамасында Республикалық семинар шөлкемлестирилди.

    Семинар даўамында мектеп оқыўшылары менен биргеликте Нөкис районы “Aqmańǵıt kamalak invest” Tex Group tekstil кәрханасына саяхат шөлкемлестирилди.

    Мағлыўмат ушын соны айтып өтиў орынлы, бул кәрханада тигиўшилик кәсибин жақсы меңгерген мектеп питкериўшилериниң бәнтлиги тәмийинленген.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.