баннер
1 Apr 2025
04:35

    Мектепке ишимлик суўы фильтри орнатып берилди

    Ишимлик суўы инсан өмири ушын оғада әҳмийетли ресурс болып есапланады. Таза, қәўипсиз ишимлик суўы денсаўлық ушын пайдалы, себеби оны турақлы пайдаланыў организмди токсинлерден тазалап, денсаўлықты сақлаўға жәрдем береди.

    Ал, дузлы шор суў болса организмде дуз жыйналыўына себеп болып, саламатлығымызға кери тәсир көрсетиўи мүмкин.

    Халықты тазаланған ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында «Замин» фондының Беруний районы орайынан дерлик 40 километр узақлықта жайласқан Алтынсай аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде әмелге асырған ийгиликли жумысы мақтаўға ылайықлы.

    Бул мектепте 230 оқыўшы билим алмақта. Фонд тәрепинен мектепке орнатып берилген ишимлик суўы фильтри оқыўшылардың саламатлығын беккемлеўге хызмет ететуғынына исенемиз.

    Аймақтағы 25 метр тереңликтен ишиўге жарамсыз шор суў шығыўы себепли, ишимлик ҳәм зәрүрлик ушын пайдаланылатуғын суў узақтан тасып келинген.

    – Енди тазаланган суўдан мектепке жақын халық та бийпул пайдаланып, өз миннетдаршылығын билдирмекте. Халқымызда суў берген саўап деген ҳикметли сөздиң мәнисине итибар беретуғын болсақ, алыс аймақ халқын ойлап әмелге асырылған бул саўаплы истиң тийкарында инсанлардың бүгинги күнинен разы болып жасаўы ҳәм саламат әўладты тәрбиялаўдай мақсетке қаратылғаны менен әҳмийетли екенин түсинемиз, дейди Беруний районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими баслығы А.Уразова.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech