Президент қарарында өсип киятырған жас әўладтың, соның ишинде, оқыўшы-жаслардың компьютер бойынша саўатлылығын арттырыў, мәлимлеме технологияларын терең өзлестириўине жәрдемлесиў де әҳмийетли бағдарлардың бири сыпатында белгиленген.
Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы тийкарында, усы жылдың өзинде Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасының 35 улыўма билим бериў мектеплерине 595 дана заманагөй компьютер топламлары жеткерип берилмекте.
Күни кеше усындай заманагөй компьютер топламлары Қоңырат районындағы 31, 35, 40, 43, 47 ҳәм 53-санлы улыўма орта билим бериў мектеплерине жеткерип берилип, илажда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева қатнасып, соңғы жыллары Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўын ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм жаслардың заманагөй билим алыўына қолайлы шараятлар жаратып бериў бойынша алып барылып атырған илажларды жоқары баҳалады ҳәм мектеп жәмәәтлерин жаңа компьютер топламларын алғаны менен қызғын қутлықлады.
-Бүгинги күни билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар бизиң ҳәр биримизди қуўанышқа бөлейди,-дейди Қоңырат районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 43-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Дилбар Алланиязова-Тараўға қаратылып атырған бундай итибар ҳәм ғамқорлық бизлерге оғада үлкен жуўапкершилик жүклейди. Буның ушын бәринен бурын ҳүрметли Президентимизге ҳәм министрлик басшыларына терең миннетдаршылық билдиремиз. Алдағы ўақытлары өзлеримизге билдирилген исенимди толық ақлап, оқыўшылардың билим көнлипелерин арттырыў ушын аянбастан хызмет ете беремиз.
Ҳақыйқатында да, аймақларда болып атырған бундай унамлы өзгерислер мектеплерде заманагөй мәлимлеме технологияларын оқытыў сапасын арттырыў, оқыўшылардың санлы көнликпелерин қәлиплестириўге хызмет етеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.








