баннер
25 Apr 2025
03:28

    "Мениң бағым" жойбарының жаңа мәўсими басланды

    Усы жылы жойбар ушын жәми 52 млрд сум қаржы ажыратылады. Қаржылар 208 район ҳәм қалаларға тең үлеслерде, 250 млн сумнан кем болмаған муғдарда бөлистириледи.

    Усы жылдың 5-апрелинен "Ашық бюджет" мәлимлеме порталында "Мениң бағым" жойбарының 2025-жылғы мәўсими басланды.

    Процесс үш басқышта өткериледи.

    Биринши басқышта (5-14-апрель) пуқаралар тәрепинен порталға жойбар усыныслары киргизиледи.

    Екинши басқышта келип түскен (15-20-апрель) жойбарлар белгиленген талап ҳәм өлшемлер тийкарында таңлап алынады.

    Үшинши басқышта болса (21-30-апрель) таңланған жойбарларға даўыс бериледи.

    Ең көп даўыс топлаған жойбарлар жеңимпаз деп табылып, мәнзилли дизим тийкарында қаржыландырылады ҳәм "жасыл бағ" және "жасыл жәмийетлик парклер" қурылады.

    Мағлыўмат ушын, усы жылы жойбар ушын жәми 52 млрд сум қаржы ажыратылады. Қаржылар 208 район ҳәм қалаларға тең үлеслерде, 250 млн сумнан кем болмаған муғдарда бөлистириледи.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech