Бул ҳаққында Энергетика министрлиги мәлим етти.

Атап өтилиўинше, республикамыз аймақларына суўық ҳәм ығал ҳаўа массаларының кирип келиўи нәтийжесинде тәбийғый газге болған талап артқан. Сол себепли магистраль газ қубырларында басымның төменлеўи бақланбақта.

Бундай жағдайларда биринши гезекте халықтың шаңарақлары, сондай-ақ, социаллық тараў объектлерин тәбийғый газ бенен үзликсиз тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпа есапланады.

Усы мүнәсибет пенен, бүгин, 4-март күни саат 19:00 ден 5-март күни саат 10:00 ге шекем Республикамыздағы "метан заправкалар"дың жумысына ўақтынша шеклеў енгизиледи.

Бул илажлар халық ҳәм социаллық тараў объектлерин турақлы газ тәмийнаты менен тәмийинлеўге қаратылған.

Соның менен бирге, социаллық тараў объектлерине хызмет көрсетиўши ҳәм жәмийетлик транспорт қураллары ушын газ тәмийнаты шеклеўлерсиз, турақлы түрде тәмийинленеди.

Келтирилген қолайсызлықлар ушын кеширим соралды.