Бул ҳаққында Энергетика министрлиги мәлим етти.
Жойбар Нурабад районында Саудияның “ACWA Power” компаниясы менен биргеликте әмелге асырылмақта. Оның шеңберинде қуўатлылығы 1000 МВт болған қуяш фотоэлектр станциясы, қуўатлылығы 1336 МВт саат болған электр энергиясын сақлаў системасы, 500 ҳәм 220 кВ күшлениўдеги жаңа электр узатыў тармақлары қурылмақта.
Нурабад районынан Ташкент ўәлаятындағы "Халка" подстанциясына шекемги 350 километрлик электр узатыў тармағы жойбардың тийкарғы объектлеринен бири болады. Жөнелис Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятлары аймақларынан өтеди.
Ҳәзирги ўақытта электр узатыў линиялары таянышлары ушын тийкарлар қурыў жумыслары жуўмақланып, оларды монтажлаў басланған.
Линияның қурылысында Орайлық Азияда биринши мәрте жаңа конструкциядағы 500 кВ кернеўли еки шынжырлы таянышлар қолланылмақта. Олар арнаўлы дизайн тийкарында ислеп шығылған болып, техникалық шешимлери Ҳиндстанның “Larsen & Toubro” компаниясында сынақтан өткерилген.
Буннан тысқары, жойбар шеңберинде және 150 километрлик 220 киловолтлы электр узатыў тармағы қурылмақта. Бүгинги күнде оның қурылыс жумыслары 50 процентке орынланған. Бул линия қурылысын 2027-жыл май айында толық жуўмақлаў режелестирилген.
Усы тәризде жойбар шеңберинде қурылатуғын электр узатыў тармақларының улыўма узынлығы 500 километрди қурайды.
Нурабад - Ташкент 500 кВ "Халка" электр узатыў линиясының қурылысы 2028-жылдың биринши шерегинде жуўмақланыўы режелестирилген.
Энергетика министрлигиниң атап өтиўинше, жаңа линиялар Нурабадта қурылып атырған қуяш электр станциясы ҳәм энергияны сақлаў системасын елимиздиң бирден-бир энергетика системасына интеграциялаў имканиятын береди.
Буннан тысқары, жойбар Орайлық региондағы жаңа генерация қуўатлықларынан Ташкент қаласы, Ташкент ўәлаяты ҳәм ойпатлыққа электр энергиясын жеткерип бериў имканиятларын кеңейтеди, бул болса усы аймақларды электр энергиясы менен тәмийинлеў турақлылығы ҳәм исенимлилигин арттырыўы керек.