«Мәҳәлле жетилиги» ҳәр бир шаңараққа қуўаныш ҳәм исеним алып кирмекте

    Бүгин елимизде жумыссызларды қоллап-қуўатлаўға үлкен итибар қаратылмақта. Оларды қыйнап атырған мәселелерге шешим табылып, баслама ҳәм идеяларын әмелге асырыўы ушын зәрүр шараятлар жаратып берилмекте.

    Нөкис қаласындағы "Дарбент" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында қараўсыз қалған имарат заманласымыз Жандос Қуандиковты көп ойландыратуғын еди. Мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшиси менен мәсләҳәтлесип, бул жерде халыққа хызмет көрсетиў бойынша өзиниң бизнес жойбарын усынды.

    - Өзим усы аймақта өсип-өскенмен. Қарасам, бул имарат қараўсыз жатыр. Ол қаламызға кириў жолында болғаны ушын, мийманларды күтип алыўға қолайлы болады деп ойладым. Нәтийжеде бүгинги күнде 40 орынлық мийманхана иске түсирилди ҳәм 6 адамды турақлы жумыс пенен тәмийинледим, - дейди исбилермен жигит Жандос. - Мийманханамызға сырт елден көплеген туристлер келмекте. Соның ушын, бизнесимизди раўажландырыў мақсетинде транспорт хызметин де жолға қоймақшымыз. Келген мийманлар ушын тарийхый орынларға саяхатлар шөлкемлестиремиз.

    Жандос Қуандиков бул жойбарды әмелге асырыў ушын банктен 280 миллион сум кредит алған еди. Оны жаўып, исбилерменлигин кеңейтиў мақсетинде банктен және 100 миллион сум кредит рәсмийлестирди. Өзиндеги қызығыўшылық, умтылысы жоқары исбилермен заманагөй музыка мектебин шөлкемлестирип, барлық зәрүр музыка әсбап-үскенелери менен тәмийинледи. Бүгинги күнде аймақ жаслары усы мектепте музыка сырларын үйренбекте.

    - Жандостың ҳәрекети басқаларға да ғайрат бағышлады, - дейди "Дарбент" мәкан пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси Рахат Жаксилиқов. - Себеби өткен жылы аймағымыздағы 62 пуқараға исбилерменлик жумысын жолға қойыўы ушын 735 миллион сум жеңиллетилген кредит ажыратылды.

    Дослық мәҳәллеси Әмиўдәря районы, Манғыт қаласының халық тығыз жасайтуғын аймақларынан бири болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта 631 шаңарақтың қурамындағы 952 шаңарақта дерлик 3700 халық жасайды.

    "Мәҳәлле жетилиги" ағзаларының биргеликтеги ҳәрекетлери себепли өткен жылы халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған бир қатар илажлар әмелге асырылып, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық қорғаўға мүтәж халықты қоллап-қуўатлаў, әсиресе, мийнет миграциясынан қайтқан жаслардың турмысына байланыслы машқалаларды унамлы шешиў бағдарындағы машқалаларды унамлы шешиў бойынша нәтийжели жумыслар алып барылды. Оған бола, өткен жылдың басында 905 жас хатлаўдан өткерилип, олардың 27 и жумыссыз, бирақ мийнетке жарамлы екенлиги анықланды.

    Мәҳәлледеги жаслар жетекшиси Санжар Саубатов хатлаў нәтийжелеринен келип шығып, мийнетке жарамлы жаслар менен бирме-бир сәўбетлесип, олардың қызығыўшылықлары ҳәм кәсиплик қәбилетлерине сәйкес түрде жумыс пенен тәмийинлеў илажларын көрди. Дийқаншылық пенен шуғылланыў тилегинде болған 2 жасқа 25 сотихтан жер 30 жыллық ижара шәртнамасы тийкарында ажыратылып, турақлы бәнтлиги тәмийинленди.

    Жумыссызлық - инсанды тек материаллық жақтан емес, ал руўхый жақтан да ҳәлсизлендиреди, ўақыттың өтиўи менен бийпәрўа ҳәм жалқаў адамға айландырады. Бирақ, бийпәрўалық ҳүким сүрген шаңарақ кризиске ушырайды, бундай шаңарақлардың бар екенлиги болса жәмийет ушын зыянлы. Санжар Саубатовтың күнделикли жумыс искерлигин сәўлелендиретуғын жазыў дәптеринде бийпәрўалықтың алдын алыў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған машқалаларды шешиў бағдарындағы жазыўлар көп. Атап айтқанда, жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарламасы шеңберинде мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшисиниң жәрдеми менен 9 пуқараға 250 миллион сумлық кредит ажыратылды.

    - Буннан тысқары, 12 жас жеңиллетилген кредит тийкарында қусшылық, шарўашылыққа тартылды. 4 пуқара қәбилетине қарай турақлы жумысқа жайластырылды, - дейди Санжар Саубатов. - 2024-жылы "Жаслар дәптери"не киргизилген 25 жастан 16 жасқа студент болғаны себепли, олардың оқыўын тосқынлықларсыз даўам еттириўин тәмийинлеў мақсетинде контракт төлемлериниң 30 проценти төлеп берилди. 2 жасқа жеңиллетилген кредит ажыратылып, 1 ўатанласымыздың айдаўшылық гүўалығын алыў ушын оқыў қәрежетлериниң бир бөлеги, 2 жастың болса мобилизация шақырыў резерви төлеми толық қаплап берилди, және 1 ўатанласымыздың келешек кәсиплер бойынша оқыў қәрежетлери қаплап берилди.

    Санжар Саубатовтың қойын дәптеринде аты-фамилиясы айрықша атап өтилген исбилермен жаслардан бири Али Файзуллаев пластиктен есик ҳәм айна рамларын ислеп шығарыў менен шуғылланады. Ол бул бағдардағы жумысын кеңейтиў мақсетинде мәҳәлле жуўапкерлерине мүрәжат етип, кем болмады. "Мәҳәлле жетилиги"ниң көрсетпелери, қалаберсе, ҳәким жәрдемшиси ҳәм жаслар жетекшисиниң бийғәрез жәрдеми, қоллап-қуўатлаўы менен 100 миллион сум жеңиллетилген кредит алыўға еристи. Сол себепли, қарыйдарлары менен шәртнама тийкарында заманагөй есик ҳәм айна рамларын ислеп шығарыў жумысын және де кеңейтти. Ҳәзирги ўақытта мәҳәллелеслеринен Рашид Сапаров ҳәм Хуршид Нажимаддиновларды турақлы жумыс пенен тәмийинледи.

    Жоқары билимлендириў мәкемесиниң питкериўшиси Ҳакимжан Жумамуродов да оны қоллап-қуўатлағаны ушын "Мәҳәлле жетилиги" ағзаларынан миннетдар. Себеби, оған стоматология бағдарындағы исбилерменлик жумысын баслаўы ушын зәрүр болған 15 миллион сумлық жеңиллетилген кредит ажыратылыўында жақыннан жәрдемлескен. Бүгинги күнде Ҳакимжан 1 пуқараны жумыс пенен тәмийинлеп, өз жумысын алып бармақта.

    Әмиўдәря районындағы Дослық мәҳәллесинде, қала шараятында болса да, киши көлемдеги ыссыханасы бар шаңарақлар көп. Тек ғана өз шаңарақларының емес, ал қоңсы, мәҳәллелеслериниң кеўлинен шығып атырған нанбайшылар, ҳәр қыйлы овош нәллерин таярлап, шаңарақларын абат ҳәм пайызлы, көклемзар мәканға айландырып жасап атырған мәҳәлле халқының турмыс тәризи ҳәўес етиўге ылайық.

    Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы