Оған муўапық, хуқықбузарлыққа қол урған ҳәм оннан жәбирлениў итималы жоқары болған шахсларға хуқықый, социаллық, психологиялық, медицианлық, педагогикалық ҳәм басқа түрдеги жәрдем көрсетиў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлери менен электрон мәлимлеме алмасыў системасы жолға қойылады.
Қарар менен «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципы тийкарында мәҳәллелерде социаллық профилактика илажларын әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы ҳәм нызам тастыйықланды.
Нызамда:
социаллық профилактика илажлары әмелге асырылатуғын шахслар топары ҳәм социаллық профилактика объектлерин анықлаў, оларға байланыслы мағлыўматларды «мәҳәлле жетилиги» сондай-ақ, социаллық профилактика илажларын әмелге асырыўға жәрдем бериўши басқа мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге электрон түрде бериў тәртиби;
«мәҳәлле жетилиги» ҳәм социаллық профилактика илажларын әмелге асырыўға жәрдем бериўши басқа мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен социаллық профилактика илажларын әмелге асырыў тәртиби;
«мәҳәлле жетилиги» ҳәм социаллық профилактика илажларын әмелге асырыўға жәрдем бериўши басқа мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў, сондай-ақ, социаллық профилактика илажларын жуўмақлаў тәртиби белгилеп берилген.
Қарарға муўапық, мәҳәллелерде социаллық профилактика илажларының толық, избе-из ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде «мәҳәлле жетилиги»не ҳәм социаллық профилактика илажларын әмелге асырыўға жәрдем бериўши басқа мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлерине «E-ijtimoiy profilaktika» мәлимлеме системасынан пайдаланыў итмканияты жаратылады.
«E-ijtimoiy profilaktika» мәлимлеме системасы Мәҳәллениң бирден-бир платформасы менен интеграция етилип, социаллық профилактика илажларын әмелге асырыўда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер арасында элктрон мәлимлеме алмасыўы толық жолға қойылады.
ӨзА.