Мәҳәллелердеги арзанластырылған нәл ярмаркалары

    14 наурыз 2025 67

    Қоңырат районында да “Әҳмийетли бир айлық” даўамында егислик майданлардың шетине алша, беҳи, тут ҳәм басқа да мийўе нәллерин егиў жумысларына итибар қаратылмақта,-деп хабар бермекте ҳәкимлик баспасөз хызмети.

    Усы мақсетте, барлық мәҳәллелерде “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңбериндеги жумысларды жеделлестириў мақсетинде арзанластырылған мийўели ҳәм саяманлы терек нәллериниң ярмаркасы да шөлкемлестирилди.

    Мәҳәлле турғынлары өзлерине тийисли қыйтақ жерлер ҳәм турақ жайлардың алдындағы бос турған жерлерге, атыз шетлерине, каналлар, коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданларға нәл егиў жумысларын баслап жиберди.

    Әлбетте, хожалықлар ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың алды, мәҳәллениң ишки көшелеринде өним жетистириў, аўыл хожалығы субъектлерине туқым ҳәм нәллерди жеткериў, жетистирилген өнимлерди экспортқа бағдарлаўды шөлкемлестириў ўазыйпасы ең әҳмийетли ўазыйпалардың бири саналады.

    Бул бағдардағы илажлар орынларда нәтийжели даўам етпекте.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.