баннер
26 Apr 2025
22:14

    «Microsoft» монополиясына қарсы тергеў басланды

    29 Noyabr 2024 174

    Тексериўлердиң тийкарғы итибар қаратылған ноқаты киберқәўипсизлик ҳәм жасалма интеллект пенен ислесиў бөлимлерине болмақта. Бул ҳаққында «Блоомберг» өз дереклерине сүйенип хабар берди.

    Мәлим болыўынша, АҚШ Федерал саўда комиссиясы пайдаланыўшыларды өзлериниң хызметлерине байланыстырыў мақсетинде «Microsoft» офис топламы ҳәм қәўипсизлик программалық тәмийнатынан пайдаланыў имканиятларын үйренбекте.

    Компания бир жылдан берли АҚШ Федерал саўда комиссиясының дыққат орайында турыпты. Ол үлкен мәмлекетлик бөлип алып ислеўши болып қалып атырғаны ҳәм Пентагон сыяқлы уйымлардан миллиардлап долларлық шәртамалар алып атырғанын есапқа алған ҳалда, комиссияның тәшўиши «Microsoft»тың киберқәўипсизлик тараўындағы кемшиликлери» менен байланыслы деў мүмкин.

    Енди компанияның бизнес шериклери ҳәм бәсекишилери менен өткерилген «рәсмий емес сәўбетлер»ден кейин, ҳәмелдарлар «Microsoft»қа толық сораўнама жиберди. Онда 100 беттен аслам көлемде барлық зәрүр мағлыўматларды усыныў талап етилген.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech