Делегацияларға Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Бобур Усмонов ҳәм Қытай Халық Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Лю Бинь басшылық етти.

Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Өзбекстан-Қытай қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм оларды буннан былай да раўажландырыў перспективаларын додалап, еки тәреплеме бирге ислесиўдиң турақлы унамлы динамикасын атап өтти. Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў ҳәм ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти беккемлеў әҳмийетли екени атап өтилди.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, санаат кооперациясын раўажландырыў, қоспа инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, жоқары технологиялар, "жасыл" энергетика ҳәм санластырыў тараўларындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.

Гуманитарлық бирге ислесиў, соның ишинде, академиялық алмасыўлар, қоспа билимлендириў бағдарламалары ҳәм мәдений басламаларды кеңейтиў мәселелери де көрип шығылды.

Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды. Халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, БМШ, ШБШ, "Орайлық Азия - Қытай" форматы ҳәм басқа да көп тәреплеме структуралар шеңберинде буннан былай да муўапықластырыўға таярлық билдирилди.

Мәсләҳәтлесиўлер жуўмағында тәреплер Өзбекстан-Қытай қатнасықларын және де тереңлестириў ҳәм ерисилген келисимлерди избе-из әмелге асырыўдан мәпдар екенин билдирди, деп хабар бермекте ӨзР СИМ баспасөз хызмети.