Биз Саудия Арабстаны Патшалығы менен толық тилеклеслигимизди билдиремиз
ҳәм муқаддес зыярат етиў орынлары, тыныш халық ҳәм пуқаралық инфраструктурасына
қәўип туўдыратуғын ҳәр қандай ҳәрекетлерге жол қойып болмайды, деп есаплаймыз.
Биз барлық тәреплерди максимал дәрежеде салмақлы болыўға, халықаралық ҳуқық нормаларына қатаң әмел етиўге, мәмлекетлердиң суверенитети, ғәрезсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигин ҳүрмет етиўге шақырамыз.
Биз кескинликти пәсейтиў, келиспеўшиликтиң және де тарқалыўының алдын
алыў ҳәм регионда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге
қаратылған ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаймыз", - делинеди Өзбекстан СИМ
билдириўинде.