Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги Израилдың Дохадағы турақ жайға берген ҳүжимлерин қаралады

    10 қыркүйек 2025 1003

    Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги Израилдың Қатар пайтахтындағы турақ жайға соққы бергенине байланыслы рәсмий мүнәсибет билдирди.

    "Өзбекстан Республикасы Израиль тәрепинен Доха қаласындағы турақ жайға берилген соққыларды қаралайды, оларға Қатар мәмлекетиниң суверенитетин бузыў, шегаралардың бузылмаслығына ҳәм қәўипсизлигине қәўип салыў сыпатында қарайды.
    Бундай ҳәрекетлер қабыл етилмейди ҳәм БМШ Режесине, сондай-ақ, халықаралық ҳуқықтың тийкарғы нормалары менен принциплерине үлкен итибарсызлық болып табылады.

    Өзбекстан халықаралық қатнасықларда күш ислетиўдиң ҳәр қандай көринисине ҳәм Жақын Шығыстағы онысыз да қурамалы жағдайды тереңлестиретуғын қәдемлерге избе-из қарсы турады", делинеди СИМ хабарында.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates