Бот жәрдеминде регион мәмлекетлериндеги Өзбекстан пуқаралары төмендегилерди әмелге асырыўы мүмкин:
консуллық мәселелери бойынша мүрәжат жоллаў;
өзиниң жайласқан орны ҳәм ҳәзирги жағдайы ҳаққында мағлыўмат бериў;
зәрүр болғанда қыстаўлы жәрдем сораў.
Пуқаралар бот арқалы мүрәжат еткенде анық ҳәм толық мағлыўматларды көрсетиўи усыныс етиледи. Бул Өзбекстанның дипломатиялық ўәкилханаларына оператив түрде зәрүр жәрдем көрсетиў имканиятын береди.
Мәмлекетимиздиң дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелери сырт елдеги пуқаралар менен турақлы байланыста болып, олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ҳуқықларын қорғаў бойынша зәрүр илажлар көрмекте.