Қарарға бола, 2025-2026-жыллары Республика аймақларында микро гидроэлектр станциялары тармағын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди, соның ишинде:
жәми қуўатлылығы 164 МВт болған 2 983 микро ГЭС қурыў ҳәм жылына 500 млн кВт/саат экологиялық таза электр энергиясын ислеп шығарыў;
жаңа микро ГЭСлерди иске түсириў есабынан 280 мың халықты электр энергиясы менен тәмийинлеў;
қурылыс дәўиринде 1200 жумысшының бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жойбарлар иске қосылғаннан кейин 520 турақлы жумыс орнын жаратыў.
2025-жыл 1-майға шекем жойбарлаў ҳүжжетлерине тийкарланып микро ГЭСлер қурыў ушын таңлап алынған жер участкалары белгиленген тәртипте Энергетика министрлигине ажыратылады.
Энергетика министрлиги ажыратылған жер участкалары жойбар басламашыларына микро ГЭСлер қурыў ҳәм иске қосыў ушын 20 жыл мүддетке ижараға берилиўин тәмийинлейди.
Буннан тысқары, Киши ҳәм микро гидроелектр станциялары жойбарларын әмелге асырыў топары шөлкемлестириледи.