Қарарға бола, юридикалық тәреплерге тийисли жөнелиссиз таксилерге төмендеги ҳуқықлар бериледи:
жолаўшыларды алыў ҳәм түсириў мақсетинде "Тоқтаў қадаған етилген" жол белгиси ҳәрекет етиўши аймақта, соның ишинде, аэропорт ҳәм вокзалларға тутас аймақларда тоқтаў;
аэропортлар, темир жол вокзаллары, автовокзаллар, устав фондында (устав капиталында) мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған қурылыс товарлары, дийқан ҳәм буйым базарлары және саўда комплекслериниң төлемли тоқтаў орынларына жолаўшыларды алыў ҳәм түсириў ушын бийпул кириў;
жөнелисли транспорт қураллары ушын ажыратылған арнаўлы ҳәрекетлениў жолы бойлап ҳәрекетлениў.
Буннан тысқары, 2025-жыл 15-апрельден 2026-жылдың ақырына шекем эксперимент түринде Ташкент қаласында түрлери Транспорт министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғын, айдаўшыдан тысқары 4 тен артық ҳәм 8 ден көп болмаған орынлықларға және жоқары қолайлықларға ийе автотранспорт қуралларында өзин-өзи бәнт еткен шахслар тәрепинен жөнелиссиз такси жумысын әмелге асырыўға рухсат етиледи.
Онда өзин-өзи бәнт еткен тасыўшыларға лицензия қағазы берилгени ушын мәмлекетлик бажы БЕМниң 3 есеси муғдарында өндириледи.