Квалификациялық цикл жуўмақлары бойынша Олимпиада жолламаларын фигуралы ушыў бойынша Дмитрий Чигирёв ҳәм Екатерина Гейниш (спорт жуплықлары), таў-лыжасы бойынша слалом ҳәм гигант слалом бойынша Медет Назаров, сондай-ақ, 500 метр аралыққа шорт-трек бойынша Даниил Ейбог қолға киргизди.
Соның менен бирге, жараланғаны себепли Дмитрий Чигирев Олимпиада ойынлары басланыўына шекем тиклене алмағаны айтылмақта. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан ўәкиллери таў-лыжасы ҳәм шорт-трек бағдарлары бойынша беллесиўлерде қатнасады.
Еслетип өтемиз, Милан-Кортина-2026 қысқы Олимпиада ойынлары 6-22-февраль күнлери Италияның Милан ҳәм Кортина-д‘Ампеццо қалаларында болып өтеди.