Қарарға бола, Миллий статистика комитети структурасында "Миллий статистика системасын трансформациялаў" офиси шөлкемлестириледи.

Трансформация офиси төмендеги тийкарғы бағдарларда жаңа механизмлерди енгизиўге жуўапкер етип белгиленди, атап айтқанда:

ишки ҳәм сыртқы пайдаланыўшылар ушын зәрүр болған статистикалық мағлыўматларды, соның ишинде, халықтың дәраматлары ҳәм олардың дереклерин баҳалаў методикасын жетилистириў;

микро дәрежеде бақлаўларды әмелге асырыў ҳәм статистикалық көрсеткишлерди қәлиплестириў методикасын ислеп шығыў;

статистикалық мағлыўматлардан пайдаланыўшылар менен нәтийжели қайта байланысты (клиентке бағдарланғанлықты) енгизиў.

Сондай-ақ, Миллий статистика комитети ҳаққындағы реже ҳәм Республикалық статистика кеңеси ҳаққындағы реже тастыйықланды.