Сенатта болып өткен ушырасыў даўамында қатнасыўшыларға елимизде жасларға қаратылып атырған итибар, жаратылып атырған шараятлар ҳәм олардың нәтийжелери, Сенат жумысындағы жаңалықлар ҳәм Жаслар парламенти ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.
Сондай-ақ, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, оларға берилген кең имканиятлардан өнимли пайдаланыў ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеўде мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң бул бағдардағы ис-ҳәрекетлери бойынша пикир алысылды.
Өз гезегинде, студентлер тәрепинен бир қатар әҳмийетли баслама ҳәм усыныслар алға қойылды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.
Ушырасыўдан соң студент жаслар Сенат имараты ҳәм жумысы менен танысты.