Ушырасыўда Қубла Кореяның Өзбекстанның исенимли ҳәм тийкарғы шериги сыпатында тән алынып, жоқары мәмлекетлик дәрежеде тастыйықланғаны дослық, өз-ара түсинисиў ҳәм жоқары дәрежедеги исенимге тийкарланған бирге ислесиўдиң беккем тийкарын көрсететуғыны атап өтилди.
Еки мәмлекет арасында сиясий бирге ислесиў, мәдений-гуманитарлық алмасыўлар, саўда, экономика, инвестиция ҳәм ҳуқық қорғаў тараўларында көплеген келисимлер, анық жойбарлар жедел әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Тәреплер Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы ҳуқық қорғаў уйымлары арасындағы бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, тәжирийбе алмасыўды раўажландырыў ҳәм кадрлардың маманлығын арттырыў мәселелерин додалады.
Конструктивлик руўхта өткен ушырасыў жуўмағында тәреплер келешектеги бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын белгилеп, еки тәреплеме шерикликти беккемлеўди даўам еттириўге келисип алды.








