Жумысшы топар тәрепинен пуқаралар ҳәм медицина хызметкерлериниң мүрәжатлары, сондай-ақ, система иске қосылған дәслепки күнлерде оның жумысы, соның ишинде, поликлиникалардағы жүклеме, дәри-дәрмақларды бериў тәртиби, санлы хызметлердиң турақлы ислеўи талланып барылмақта.

Келип түскен барлық усыныс ҳәм пикир-усыныслар жедел ҳәм ҳәр тәреплеме үйренип шығылады.

Жақын күнлерде мәжилис жуўмағында "Электрон рецепт" системасы бойынша жәмийетшилик ўәкиллериниң ең әҳмийетли сораўларына Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң дәслепки жуўаплары жәрияланады.