Келип түсип атырған мүрәжат ҳәм усынысларды есапқа алған ҳалда, Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен жаңа системаға ең ақылға уғрас ҳәм түсиникли түрде өтиўге қаратылған қосымша шөлкемлестириў ҳәм түсиндириў илажлары комплекси әмелге асырылмақта.
Денсаўлықты сақлаў министрлигинде мәмлекетлик ҳәм жеке меншик медицина шөлкемлериниң жетекши шыпакерлери, тараўлық структуралардың ўәкиллери ҳәм әмелий медицина экспертлериниң қатнасыўында әмелий ушырасыў болып өтти.
Конструктивлик сөйлесиў даўамында "Электрон рецепт" системасын енгизиўдиң әмелий мәселелери, сондай-ақ, медицина хызметкерлериниң реал тәжирийбеси ҳәм наўқаслардың талапларын есапқа алған ҳалда айырым тәртип-қағыйдаларды буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар додаланды.
Ушырасыўда билдирилген усыныслар системаны енгизиў мәселелерин буннан былай да ислеп шығыўға тийкар болды.
Турақлы кәсиплик қарым-қатнасты тәмийинлеў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында Экспертлер кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилди. Оның ашық мәжилислери турақлы түрде, ҳәр ҳәптениң жума күнлери медицина жәмийетшилиги, фармацевтика тараўы ўәкиллери ҳәм басқа да мәпдар қәнигелердиң қатнасыўында өткериледи.
Ушырасыў шеңберинде "Электрон рецепт" системасының әмелдеги жумыс механизмлери де түсиндирилди.
Жеке меншик медицина шөлкемлери ҳәм шыпакерлерди тийисли модулге қосыў бийпул әмелге асырылатуғыны атап өтилди. Бул ушын +998 (71) 202-50-00 телефоны арқалы қоллап-қуўатлаў хызметине мүрәжат етиў нәзерде тутылған.
Шыпакерлик әмелияты мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Рецепт, соның ишинде, электрон рецепт жазыў тек ғана шыпакердиң ўәкиллигине киретуғыны атап өтилди.
Наўқасларды емлеўдиң үзликсизлигин тәмийинлеў мақсетинде белгили бир медициналық шөлкемде зәрүр дәри-дәрмақ болмаған жағдайда шыпакер рецепт жазып береди, тийисли мағлыўматларды рәсмийлестириў ҳәм электрон системаға киргизиў дәрихана шөлкеминиң фармацевти тәрепинен әмелге асырылады.
Атап өтилиўинше, пуқара дәриханаға мүрәжат еткенинде дәри қуралын бериў электрон рецепт, QR-кодлы ҳүжжет ямаса ЖШШИР тийкарында фармацевт тәрепинен әмелге асырылады.
Сырт ел пуқаралары ушын улыўма шәртлерде электрон рецепт алыў мақсетинде мәмлекетлик медицина мәкемелеринде дизимнен өтиў имканияты жаратылған.
Халықты жедел қоллап-қуўатлаў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында 1003 қысқа телефоны арқалы күни-түни жумыс алып баратуғын call-орай жумысы даўам етпекте, бул арқалы пуқаралар "Электрон рецепт" системасына байланыслы барлық мәселелер бойынша мәсләҳәт ҳәм түсиниклер алыўы мүмкин.
Төсек режиминде жатырған наўқаслар, сондай-ақ, созылмалы кеселликлери бар шахслар мәсләҳәт алыў ҳәм электрон рецепт алыў ушын шаңарақлық шыпакерге телефон арқалы мүрәжат етиўи мүмкин. Шаңарақлық шыпакердиң байланыс мағлыўматлары болмаған жағдайда, зәрүр жәрдем call-орай арқалы шөлкемлестириледи.
Медицина ҳәм экспертлер жәмийетшилиги қатнасыўындағы додалаўлар жуўмақлары бойынша денсаўлықты сақлаў министриниң әмелге асырылып атырған механизмлерди беккемлейтуғын ҳәм анықластыратуғын, сондай-ақ, қәнигелердиң әмелий усынысларын ҳәм система қатнасыўшыларының пикир-усынысларын есапқа алған ҳалда "Электрон рецепт" системасын буннан былай басқышпа-басқыш енгизиў тәртибин белгилейтуғын, төмендегилерди нәзерде тутатуғын буйрығы қабыл етилди:
1) дәри қуралларының халықаралық патентленбеген атамасы бойынша электрон рецептлер рәсмийлестирилип, барлық рецептлер тиккелей шыпакер тәрепинен электрон системаға киргизилетуғын "Электрон рецепт" системасын Ташкент қаласы ҳәм 15 тәжирийбе районы (қаласы) аймағында басқышпа-басқыш енгизиў;
2) медициналық ҳәм фармацевтика шөлкемлерин DMED мәлимлеме системасына бийпул жалғаў, сондай-ақ, зәрүр техникалық шәртлер болған жағдайда олардың әмелдеги мәлимлеме системаларын Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң санлы платформасы менен интеграциялаў;
3) медициналық әҳмийети, социаллық қәўип-қәтерлери ҳәм денсаўлықты сақлаў системасының әмелий зәрүрликлерин есапқа алған ҳалда ҳәр бир басқышта айрықша дизимлерди тастыйықлаған ҳәм Эксперт кеңеси тәрепинен таярланған ҳалда электрон рецептке өткерилетуғын дәри қуралларының рецептлик дизимлерин басқышпа-басқыш қәлиплестириў;
4) системалы тәсир етиўши антибиотиклер, синтетикалық антибактериал препаратлар ҳәм гормонал препаратлар ушын электрон рецепт мәжбүрий болатуғын енгизиўдиң биринши басқышын белгилеў;
5) электрон рецепт жазыў бойынша шыпакердиң ўәкилликлерин, соның ишинде, белгили бир медициналық шөлкемде жоқ болған дәри-дәрмақларды тайынлаў имканиятын беккемлеў, кейин ала фармацевтлер тәрепинен мағлыўматларды системаға киргизиў;
6) дәриханаларда рецепт пенен таярланатуғын дәри қуралларын электрон рецепт тийкарында бериў тәртибин белгилеў, соның ишинде, наўқастың ЖШШИРинен пайдаланыў, сондай-ақ, өтиў дәўиринде айрықша жағдайларда ҳәм қыстаўлы жағдайларда қағаздағы рецептлерди рәсмийлестириў имканиятын сақлап қалыў;
7) наўқаста ямаса оның ўәкилинде электрон рецепт болмаған жағдайда дәрихана провизоры шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет тийкарында (соның ишинде, қағаз ямаса электрон формада) ЖШШИР киргизиў ҳәм система арқалы электрон рецепт пенен танысып, кейин ала рецепт бойынша дәри қуралын бериў ҳуқықына ие болатуғын механизмди белгилеў;
8) пуқаралардың, соның ишинде, сырт ел пуқараларының медициналық жәрдем ҳәм дәри-дәрмақ қуралларын алыў, соның ишинде, қыстаўлы жағдайларда медициналық жәрдем ҳәм дәри-дәрмақ қуралларын алыў ҳуқықларын тәмийинлеў, сондай-ақ, системаны енгизиў басқышлары ҳәм дәри-дәрмақ қуралларының дизимлери ҳаққында рәсмий дәреклер арқалы халықты хабардар етиў;
9) турақлы түсиник жумысларын ҳәм қайта байланысты шөлкемлестириў, соның ишинде, 1003 цалл-орайының күни-түни ислеўин шөлкемлестириў, ол арқалы төмендегилер тәмийинленеди:
төсек режиминде жатырған ҳәм созылмалы кеселликлерге шатылған наўқаслардың шаңарақлық шыпакерге мүрәжат етиўи;
шаңарақлық шыпакерге (айырым жағдайларда - қәнигелик бойынша қәнигеге) аралықтан мүрәжат етиў арқалы электрон рецепт алыў;
көрсетпелер болғанда патронаж хызметин шөлкемлестириў ҳәм үйде зәрүр медициналық хызметлер көрсетиў;
10) созылмалы кеселликлери бар наўқасларға рецепт жазыўдың төмендегилерди тайынлаў имканиятын нәзерде тутатуғын айрықша тәртибин белгилеў:
емлеўдиң 60 күнине шекемги мүддети - Халықаралық кеселликлер классификациясына (ХКК) муўапық кодланған созылмалы кеселликлерди емлеўде таярланатуғын дәри қураллары ҳәм анық анаболик активликке ие болған дәри қураллары ушын;
90 күн емлеўге шекем - басқа таяр дәри қураллары ушын (реимбурсация шеңберинде - 30 күнге шекем) емлеўши шыпакердиң шешими бойынша.
Усы жағдайларда электрон рецепт ҳәм тийисли QR-кодтың әмел етиў мүддети белгиленген емлеў курсының даўамына созылады.
Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң атап өтиўинше, "Электрон рецепт" системасы емлеў қәўипсизлигин арттырыў, дәри-дәрмақларды тайынлаўда жуўапкершиликти күшейтиў ҳәм дәри-дәрмақлар айланысын тәртипке салыўға қаратылған.
Барлық өзгерислер әмелиятты турақлы мониторинг етиў, пуқаралар ҳәм медицина хызметкерлериниң пикир-усынысларын есапқа алған ҳалда басқышпа-басқыш енгизилмекте.








