Дизим халықаралық әмелият ҳәм медицина әмелиятында ең көп қолланылатуғын препаратларды есапқа алған ҳалда қәлиплестирилди.
Анық қайсы дәри-дәрмақ рецепт пенен берилетуғын ямаса рецептсиз берилетуғын дәри-дәрмақ екенлиги ҳаққындағы мағлыўмат пенен пуқаралар Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң рәсмий веб-сайтында онлайн тәризде танысыўы мүмкин. Буның ушын "Сервислер" бөлимине өтиў, "Дәри өнимлери" бөлимин таңлаў ҳәм дәри өниминиң атын киргизиў керек.
Зәрүр жағдайларда фильтрден пайдаланып, бериў тәртиби, ислеп шығарыўшы мәмлекет, халықаралық патент етилмеген атамасы ямаса дәри формасын көрсетиў мүмкин. Сораў киргизилгеннен кейин система дизимнен өткен дәри-дәрмақ ҳаққындағы мағлыўматты көрсетеди.
Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлим етиўинше, айырым дәри түрлери рецепт тийкарында таярланатуғын дәри түрлерине киреди ҳәм тәжирийбе аймақларында тек ғана электрон рецепт тийкарында сатып алыныўы мүмкин.
Буннан тысқары, пуқаралар рецептсиз берилетуғын, ең көп қолланылатуғын дәри қуралларының дизими менен жәрияланған рәсмий дизимлер менен танысыўы мүмкин.








