Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған "ҳуқықый эксперимент" бул жумыслардың бир бағдары болды. Усы эксперимент шеңберинде быйыл 4-ноябрь күни денсаўлықты сақлаў министриниң "Денсаўлықты сақлаў тараўында "жасырын қарыйдар" институтын енгизиў ҳаққында"ғы буйрығы қабыл етилип, баҳалаўдың мақсетлери, параметрлери, объектлери ҳәм нормаларын белгилейтуғын мониторингти өткериў тәртиби тастыйықланды.
"Жасырын клиент" усылының өзгешеликлери.
"Жасырын клиент" усылындағы мониторинг Денсаўлықты сақлаў министрлиги орайлық аппаратының структуралық бөлимлери, зәрүр жағдайларда оның аймақлық уйымлары, шөлкемлери ҳәм мәкемелери тәрепинен шөлкемлестириледи.
Онда илажларды өткериў ўақтында ҳуқықбузарлық ямаса өз ўәкиллигинен пайдаланыўды келтирип шығаратуғын усылларды қолланыў қатаң қадаған етиледи. Мониторингтиң тийкарғы мақсети медицина мәкемелери ҳәм олардың хызметкерлери тәрепинен медициналық хызмет көрсетиўде нызамшылық талапларына қай дәрежеде әмел етилип атырғанын, сондай-ақ, хызметкерлердиң кәсиплик таярлық дәрежесин, оперативлигин, халық пенен пикирлесиў мәдениятын баҳалаўдан ибарат.
Зәрүр мағлыўматларды топлаў ушын "жасырын клиент" - әпиўайы наўқас көринисинде медицина мәкемесине мүрәжат ететуғын адамнан пайдаланылады. Изертлеўлер шахстың өзи қатнасыўында да, аралықтан - телефон арқалы, электрон почта ямаса басқа усыллар арқалы да әмелге асырылыўы мүмкин.
Ҳуқықбузарлықларды көрип шығыў тәртиби
Тексериў нәтийжелери белгиленген тәртипте рәсмийлестириледи. Анықланған ҳуқықбузарлық жағдайлары 5 жумыс күни даўамында Әдеп-икрамлылық комиссиясы тәрепинен көрип шығылады. Ҳуқықбузарлық анықланған жағдайда айыпкер хызметкерди жуўапкершиликке тартыў мәселеси шешиледи. Егер материалларда жынаят белгилери бар болса, бул ҳаққында ҳуқық қорғаў уйымларына хабар жибериў ҳаққында қарар қабыл етиледи.
Пуқаралар қай жерге мүрәжат етиўи керек?
Егер пуқаралар медицина мәкемелеринде коррупцияға байланыслы жағдайларға дус келсе, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Коррупцияға қарсы гүресиў ишки қадағалаў хызметиниң 1203 - республикалық бирден-бир "Исеним телефоны"на, сондай-ақ, t.me/ssvantikor_bot телеграм-бот арқалы мүрәжат етиўи мүмкин.
Бунда арза бериўшиниң шахсы кепилленген түрде сыр сақланады.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги коррупцияның ҳәр қандай көринисине қатаң ҳәм принципиал позицияда екенлигин, пуқаралардың бирде-бир мүрәжатын итибарсыз қалдырмайтуғынын атап өтеди.








