Әмиўдәрья районының Чордара мәҳәллесинде жаңадан жумыс баслаған «Фахриддин клиникасы» жеке меншик медициналық орны админстрациясы да халыққа жоқары сапалы ҳәм заманагөй медициналық хызметлерди көрсетиўди баслы мақсет етип қойған. Клиникада тәжирийбели қәнигелер тәрепинен заманагөй технологиялар арқалы халыққа қолайлы баҳаларда медициналық хызметлерди көрсетиў жолға қойылған.

Әмиўдәрья районында усы клиниканың салтанатлы ашылыў мәресими өткерилди. Илажда район ҳәкиминиң орынбасарлары Ф.Юсупов, Н.Камолов, «Нуроний» қоры районлық бөлиминиӊ баслығы Б.Аллаберганов, медицина тараўы жуўапкерлери, мәҳәлле белсендилери, жаслар ҳәм нуранийлар қатнасты.

Клиникада стационар тәртипте емлениў имканияты жаратылған болып, бир ўақыттың өзинде 35 наўқасты қабыллаў мүмкиншилигине ийе. Сондай-ақ, күндизги стационар ҳәм амбулатор хызметлер де бар.

Клиникада ҳәзирги ўақытта 10 тәжирийбели хызметкер ислейди. Шыпакерлер арасында көп жыллық тәжирийбе ҳәм терең билимге ийе болған кардиолог, невропатолог, эндокринолог ҳәм басқа да тәжирийбели қәнигелер бар. Жаңа медицина бирлеспеси ҳәм ондағы заманагөй технологиялар ҳәм усыныс етилип атырған хызметлер тек кеселликлерди емлеў ушын емес, олардың алдын алыў, сол арқалы халықтың саламатлығын және де беккемлеўге үлес қосады, деп исенемиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.