баннер
23 Mar 2025
02:11

    Әмиўдәрья районында шигит егиси басланды

    Әмиўдәрья районында шигит егисиниң басланыўына бағышланған көргизбели семинар өткерилди.

    Көргизбели семинарда тараўға жуўапкер шөлкемлер, пахта кластерлери кәрханалары, фермер хожалықлары басшылары менен қәнигелер қатнасты.

    Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўға қаратылып атырған итибар, берилген имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтти. Соны айтып өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң айрықша итибарының нәтийжесинде Қарақалпақстан ушын бир қатар арнаўлы пәрман ҳәм қарарлар қабылланып, сол тийкарда жаңа имканиятлар ҳәм жеңилликлер жаратылмақта. Өткен қысқа дәўир ишинде, усындай жеңилликлер тийкарында үлкемизге аўыл хожалығы ушын зәрүрли көплеген техника ҳәм агрегатлар алып келинип, бул өз гезегинде тараўдың раўажланыўында әҳмийетли орын тутпақта.

    Өткерилген илажда әне усындай имканиятлар атап өтилип, сөзге шыққанлар тәрепинен егис мапазын қысқа мүддетлерде сапалы жуўмақлаўдың нәтийжели усыллары, дийқан фермерлеримиз итибар қаратыўы керек болған әҳмийетли мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

    Илажда нураний ақсақаллардың дуўасы менен атызларға дәслепки шигитлер себилди.

    Соны айтып өтиўимиз керек, быйыл республикамиз бойынша 100 мың гектар майданға шигит егилиўи режелестирилген болып, мапазды шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде, аймақларда 243 отряд шөлкемлестирилип, оларға 15 мыңнан аслам техника ҳәм агрегатлар бириктирилген. Соның ишинде, 170 жоқары өнимдарлы заманагөй сеялкалар жумыс жүргизеди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech