баннер
31 Mar 2025
17:43

    Әмиўдәрьяда 200 гектарлық тоғай пайда болады

    Елимизде тоғайларды көбейтиў ҳәм жасыл аймақларды кеңейтиў жолында әҳмийетли жумыслар исленбекте.

    Соның ишинде, Әмиўдәрья районындағы Қыпшақ мәмлекетлик тоғай хожалығы тәрепинен де жасыл майданларды сақлаў, экологиялық орталықты жақсылаў, топырақ өнимдарлығын арттырыў сыяқлы көплеген ўазыйпалар орынланбақта. Тоғай хожалығында шөлкемлестирилген нәлханаларда жетистирилип атырған ҳәр қыйлы саяманлы терек ҳәм пута нәллери экологиялық машқалаларды шешиўде үлкен әҳмийетке ийе.

    Тоғай хожалығы Назархан ҳәм Қыпшақ бөлимлеринен ибарат болып, хожалық хызметкерлери тийкарынан қумлықтағы тоғайлар ҳәм сексеўилзарларды сақлаў ҳәм қорғаў менен шуғылланады. Сондай-ақ, мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин жетистириўге де айрықша итибар қаратылады. Тоғай хожалығындағы нәлханада тийкарынан саяманлы, ийне жапырақлы, мийўели тереклер ҳәм сексеўил нәллери жетистириледи.

    2024-жылы Қыпшақ мәмлекетлик тоғай хожалығында 20 гектар тоғай фонды жерлери пайдаланыўға киргизилген. Тоғай ҳәм путазарлықлар майданын кеңейтиў бойынша белгиленген реже 800 гектар болып, әмелде 5915 гектарға жеткерилген. Сондай-ақ, терек ҳәм путалардың 30 мың 125 килограмм туқымы таярланды. Бул туқым тийкарынан Арал теңизиниң қурыған ултанында тоғай жаратыў мақсетинде жеткерип берилмекте.

    - 2019-2024-жыллары хожалық 106 гектар майданда қорғаў тоғайын жаратты. Буннан тысқары, усы жыллары 31 аймақта жайласқан 140 фермер хожалығы аймағына 161 мың 157 нәл егилди. Бул жумыслардан гөзленген тийкарғы мақсет - самал ҳәм қум көшиўиниң алдын алыў, жердиң өнимдарлығын арттырыў ҳәм экологиялық орталықты жақсылаў, - дейди Қыпшақ мәмлекетлик тоғай хожалығының директоры Еркинбай Тўраев.

    Өткен жылы 151 мың 792 нәл жеткерип бериў бойынша 82 шөлкем ҳәм кәрхана менен шәртнамаға қол қойылған. Түрли шөлкемлер 40 мың 881 түп нәл менен тәмийинленген. Жумур аўылында "Мениң бағым" жойбары шеңберинде 2,5 гектар жер абаданластырылып, аймақ тәбийий гөззал орынға айландырылған. Бул бағ аймағына 1417 түп саяманлы терек нәли егилген.

    - Усы жылы тоғай фондындағы жерден ақылға уғрас пайдаланыў ушын районда 231,5 гектар жер ажыратылып, онда ҳәр қыйлы экологиялық ҳәм экономикалық бағдардағы жойбарлардың әмелге асырылыўы режелестирилген, - дейди Қыпшақ мәмлекетлик тоғай хожалығының директоры Еркинбай Тўраев. - Сондай-ақ, район аймағындағы 200 гектар майданда шөл өсимликлери, тез өсетуғын тереклер ҳәм путазарлықлар егиледи. Бул аймақтың экологиялық жағдайын жақсылаў менен бирге ҳаўаның тазалығын тәмийинлеў ҳәм топырақты эрозиядан қорғаўда үлкен әҳмийетке ийе.

    Сондай-ақ, шиповник, лаванда, ромашка, далачой ҳәм таў райханын жетистириў мақсетинде 30 гектар майдан ажыратылды. Бул өсимликлер медицина ҳәм фармацевтика тараўында кеңнен қолланылып, үлкен экономикалық нәтийжеликке ийе. Сондай-ақ, 1 гектар жерде дәнли, собықлы ҳәм палыз егинлерин жетистириў де нәзерде тутылған. Буннан тысқары, 116 гектар жер ажыратылып, кәмбағал шаңарақлар ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеў мақсет етилген.

    Улыўма, Әмиўдәрья районындағы Уйшин, Әмир Темур, Боз жап, Куюк көпир, Ақ алтын, Бабур ҳәм Қаңлы сыяқлы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларына жәми 6832 түп саяманлы терек нәли ҳәм қәлемшелери жеткерип берилиўи режелестирилген. Бул қоршаған орталықты абаданластырыў менен бирге аймақтың ықлым шараятын жақсылаў, шаң ҳәм ыссылықты азайтыў, суў ресурсларынан үнемли пайдаланыў имканиятын береди.

    Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech