Туризм аз қаржы менен көп жумыс орнын жарататуғын, халықтың дәраматын ҳәм аймақлардың көринисин жақсылатуғын тараў. Қашқадәрьяда да бул бағдарда имканиятлар көп.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 28-ноябрьдеги қарары тийкарында Қашқадәрья ўәлаятының таўлы-рекреациялық аймақларында заманагөй хызмет көрсетиў ҳәм туризм комплекслери қурылмақта. Соның ишинде, сырт мәмлекетлердиң маман экспертлери ҳәм жетекши компанияларының қатнасыўында Мираки, Әмир Темур, Улоч ҳәм Полмон мәҳәллелеринде туристлер ушын қолайлықлар жаратылмақта. Улыўма 240 гектар майданда 400 миллион долларлық 117 жойбар әмелге асырылмақта. Буның нәтийжесинде болса 1 мың 700 турақлы жумыс орны ашылады.
Бүгин Миракидеги өзгерислер усы қарар ҳәм туризм бойынша өткерилген мәжилислердиң нәтийжеси.
Бурын бул сулыў орынлардан ҳәр ким өз билгенинше пайдаланатуғын еди. Сай бойлары тәртипсиз, дем алыў орынларында инфраструктура жетиспейтуғын еди. Бүгин бул мәнзил бир пүтин туризм кластерине - "Мираки" халықаралық туризм орайына айланды.
Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги абатлық ҳәм қолайлықларды көзден өткерди. Ақсуў дәрьясының еки жағасы бойлап пияда ҳәм велосипедте жүриў ушын он километрлик "эко жол" шөлкемлестирилген. Балалар майданшасы, кеўилашар бағ, нуранийлар дәргайы, шаңарақлық мийман үйлери ҳәм көшпели саўда шақапшалары мәҳәллениң көркине көрик қосқан.
“Miraki and spa resort” дем алыў аймағы туризм орайының заманагөй бөлеги. Бул жерде еки мийманхана, саўда ҳәм кеўилашар комплекс қурылған. Сондай-ақ, бир ўақыттың өзинде 600 туристти қабыллай алатуғын мийманханалар, 300 орынлық шаңарақлық хостел ашылған. Бул жылына 300 мыңнан аслам мийманға хызмет көрсетилиўин аңлатады.
Мәмлекетимиз басшысы жаңа мийманхана ҳәм саўда комплексиниң жумысы менен танысты. Туризм бойынша келешектеги әҳмийетли жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
- Шаҳрисабздың абзаллығы - жыл даўамында саяхатқа келиў мүмкин. Оның ушын жол, коммуникация, мийманханалар қурып атырмыз. Енди хызмет түрлерин көбейтиўди ойлаў керек. Мәселен, Миракиге келген мийман ўақтын қалай өткереди, нелер сатып алады? Усы талаплардан келип шығып, хызметлер усыныс етиў, бул жердиң тәбияты ҳәм шараятын сырт еллерде кеңнен үгит-нәсиятлаў керек, - деди Шавкат Мирзиёев.
Жаңа туристлик орайға инвесторларды тартыў ушын инженерлик-коммуникация тармақлары тартылған. Миракиге алып барыўшы ҳәм мәҳәлле ишиндеги жоллар толық оңланған. Электр тәмийнаты жақсыланған. Туристлерди қызықтырыў ушын Ҳисорак суў сақлағышына тутас аймақта еки километрден аслам аспа жол ҳәм теңиз қәддинен 2 мың 700 метр бийикликте ресторан да қурылған.
Бундай кең қолайлықлар Қашқадәрьяға келиўши туристлердиң санын арттырмақта. Өткен жылы ўәлаятқа еки ярым миллионнан аслам турист келген. Соннан бес жүз мыңға шамаласы әйне Шаҳрисабз районына келген. Аймақтағы бул өзгерислерден кейин келтирилген сан бир неше есеге өсиўи тәбийғый.