Anadoluдың жазыўынша, улыўма көлемде сатылған электромобиллердиң дерлик 13 миллионы Қытайға туўра келген.
Қатаң ишки бәсеки, агрессив баҳа сиясаты ҳәм базарда моделлер санының көбейиўи фонында 2025-жылы Қытайда саўдалар 2024-жылға салыстырғанда 17 процентке артты.
Бәсеки күшейген сайын Қытай автомобиль ислеп шығарыўшылары сырт ел базарларына барған сайын жедел кирип бармақта. Экспорт ағымынан Қубла Америка, Қубла-Шығыс Азия ҳәм Орайлық Азия пайда көрди, бул да дүньяда электромобиллер саўдасының өсиў драйверине айланды, деп жазбақта inform.kz.