"Жаңа Өзбекстан" бағында жасларымыз тарийхый жетискенликке еристи. 1946 талантлы жас инженер бир ўақыттың өзинде 1946 киши роботты жыйнап, үлкен нәтийжеге еристи. Бул жетискенлик Өзбекстан атын және бир мәрте "Гиннестиң рекордлар китабы" бетлерине жазылыўына себеп болды.
Бул процессте белсене қатнасқан жасларымызды қутлықлайман. Бүгин өзбек жигит-қызлары биргеликте ҳәрекет етсе барлық ўазыйпаларды орынлай алатуғынын және бир мәрте дәлилледи.









