Онда басқарма баслығы Исламбек Арзиев жыйналғанларды кәсиплик байрамы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда, Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў ҳәм суд ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлериниң сөзсиз орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылып, суд-ҳуқық системасы түп-тийкарынан жетилистирилмекте.
Булардың барлығы, инсан қәдирин жоқарылатыў, халқымыздың абаданшылық, тыныш ҳәм еркин турмысын тәмийинлеў, соның менен бирге, мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қаратылған нәтийжели жумыслар болып, бүгинги күнде прокуратура уйымлары айыпкерлерди жазалайтуғын емес, ал системалы машқала ҳәм кемшиликлерди анықлап, оларды сапластырыўға жәрдем бериў арқалы тиккелей халқымызға хызмет ететуғын уйымға айланды.
Суд ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў уйымлары өз жумысында биринши гезекте пуқараларымыздың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға итибар қаратпақта. Оның айқын дәлили мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2024-жыл 3 –январьда қабыл етилген «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў системасын реформалаў ҳәм тараўды санластырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы болды. Усы пәрман менен пуқаралардан қарызлары ушын өндириўге қаратылыўы мүмкин болмаған ең кем кепилликли дәрамат белгилеп берилди.
Президентимиздиң басламасы менен алға қойылған Мәҳәлле кесиминде ислесиў нәтийжесинде өткен 2024-жылы Бюроның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен улыўма 3 триллион 584 миллиард сумлық 278 мың 956 орынлаў ҳүжжетиниң тапсырылыўы тәмийинленип, әмелде 1 триллион 638 миллиард сум өндирилгенин айрықша атап өтиў зәрүр. Социаллық жәрдемге мүтәж болған шаңарақларға, жаңа барлық түрдеги дәптерлерге улыўма 57 миллиард 686 сум қаратылыўы тәмийинленди.
Бундай нәтийжелерге ерисиўде Бюро уйымларында хызмет етип атырған ҳәр бир хызметкердиң қысқа дәўир ишинде арттырған бай тәжирийбеси, кәсипке садықлығы ҳәм өғада жоқары жуўапкершилик пенен өз ўазыйпаларын орынлаўы, десек қәтелеспеген боламыз.
Илажда байрам мүнәсибети менен бир топар хызметкерлерге Бас прокурордың ҳүрмет жарлығы, миннетдаршылық қағазы ҳәм ақшалай сыйлығы тыпсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.