Илажда филиал директоры, профессор Б.Еримбетов жыйналғанларды байрам менен қутлықлады ҳәм қарақалпақ тилиниң турмысымызда тутқан орнына айрықша тоқтап өтти.
Буннан соң шығып сөйлеген баянатшылар ана тилдиң қарым-қатнас қуралы болыўы менен бирге, неше әсирлер даўамында өзиниң қәдир-қымбатын жойтпай, биз әўладларға шекем жетип келген бийбаҳа ғәзийне екенлигин, ҳәр бир халықтың өзине тән өзгешелигин, раўажланыў басқышларын ҳәм келешегин белгилеўде ана тилиниң тутқан орны айрықша екенлигин айрықша атап өтти.
Өткерилген илаж даўамында 1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 36 жыллығы мүнәсибети менен студентлер арасында өткерилген дөретиўшилик таңлаў ҳәм спорттың футбол түри бойынша шөлкемлестирилген «Директор кубоги» жарысының жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, кубок ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Байрам илажы филиал студентлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы.








