Сонлықтан мәмлекетимиз Президенти тәрепинен бул әзиз кәсип ийелерине айрықша итибар қаратылып, ҳәр жылы декабрь айының екинши екшембиси елимизде Аўыл хожалығы хызметкерлери күни сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте.
Өткен екшемби күни Нөкис қаласындағы Атшабар майданында Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып салтанатлы байрам тамашалары болып өтти.
Илаждың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Аўыл хожалығы хызметкерлери күни байрамы менен қутлықлады.
Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев өз сөзинде бүгинги күнде елимизде аўыл хожалығын модернизациялаў, тараўда жаңа техника ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў, жер-суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды ен жайдырыў, халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, фермер ҳәм кластерлерди қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти. Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша оғада көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығына айрықша тоқталды.
Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Буннан соң спорт жарысларына нәўбет берилип, онда қошқар дүгистириў, арқан тартысыў, миллий гүрес ҳәм бәйгиге ат шаптырыў, қыз қуўыў ҳәм ылақ-көкпары бойынша халқымыздың миллий спорт ойынлары өткерилди.
Қошқар дүгистиў жарысында Нөкис қаласы, Беруний, Қанлыкөл, Қоңырат, Әмиўдәрья районларынан келген қошқарзлар жеңиске еристи ҳәм жеңимпаз қошқарпазларға қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды. Атап айтқанда, биринши орынды ийелеген жеңимпазға гибрид мотороллер саўға етилген болса, сыйлы орын ийелерине электромотороллер, скутер ҳәм телевизорлар ҳәм қымбат баҳалар менен сыйлықланды.
Арқан тартысыў жарысларында, болса шымбайлы жигитлер финалда қоңыратлыларды жеңип шыққан болса, 3-4-орынлар Тахтакөпир ҳәм Мойнақ районы командасына несип етти.
Ал, гүрес бойынша өткерилген беллесиўлердиң финалында болса, самбо ҳәм миллий гүрес бойынша спорт шебери, бир қатар халықаралық жарыслардың жеңимпазы ақмаңғытлы Захириддийин Зайтов дзюдо бойынша Өзбекстан сайланды командасының ағзасы, келешегинен үлкен үмитлер күттиретуғын жас палўанымыз, ишки ислер уйымы хызметкери Ерназар Сәрсенбаев пенен гүресип, оған упайлар есабында жеңилип қалды.
Бас палўанымыз Ерназар Сәрсенбаевқа Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Президентимиз саўғасы болған 50 миллион сум сыйлықты тапсырды.
Екинши орынды ийелеген Захириддийин Зайтовқа – заманагөй музлатқыш, 3-4-орын ийелери қоңыратлы Эргаш Айтбаев, шоманайлы Мийрибек Абдихаликовлар қымбат баҳалы естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, байрам илажында 73-80 кг салмақ категориялары бойынша да гүрес беллесиўлери өткерилип, 73 кг салмақта Нөкис қаласынан Зийёдулла Исматов, 81 кг салмақта ишки ислер министрлиги хызметкери Толқын Ачилов жеңимпаз атанып, 20 ҳәм 30 млн сум ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.
Буннан соң бир, үш, жети ҳәм он айлаўға ат шабыс, бес айлаўға жорға атлардың жарысы өткерилип, 5 айлаў шабыс ҳәм жорға, 7 айлаў шабыс жарысларында нөкисли Бахыт Сапаров, шымбайлы шабандозлар Жүзбай Сейтов,Ҳамза Абдижалиевлердиң атлары бәйгиде бириншиликти ийелеп, 20-30 млн сум ақша менен сыйлықланды.
Он айлаўға өткерилген жарысларда болса, Кегейли районынан Махсуд Абдиразақовтың аты бәйги сызығына биринши болып келип, Президентимиздиң арнаўлы саўғасы «Оникс» автомашинасы менен сыйлықланды.
Бәйгиге екинши болып келген шоманайлы шабандозға 50 млн, қанлыкөлли шабандозға 30 млн. сум ақша сыйлық сыпатында тапсырылды.
Сондай-ақ, ат бәйгисиниң 5-7 айлаўға өткерилген жарысында 2-3-орынларды ийелегенлерге 20-15 млн сум, 5 айлаўға жорға жарысында 15-10 млн сум, 3 айлаў жеңимпазларына 1-орынға 10 млн. сум, 2-орынға 5 млн. сум, 3-орынға пылесос, 1 айлаўға 1-2-3-орын ийелерине холодилник, телевизор ҳәм шаңжутқышлар тапсырылды.
Қыз қуўыў ҳәм аламан көкпары жарысларында шымбайлылар бас сыйлықты ийелеген болса, ылақ-көкпары бойынша өткерилген командалық жарыста Бозатаў районы шабандозлары Шымбай районы командасын жеңип шығыўға еристи.
Соның менен бирге, байрам салтанатында бир қатар алдынғы фермерлерге заманагөй аўылхожалығы техникалары саўға сыпатында тапсырылды.
-Бүгинги байрамға Шымбай районынан келдим, -дейди Қуўаныш Өтегенов.-Быйылғы жыл мен басқарған «Абаданова Дарийха» фермер хожалығы ушын оғада табыслы келди. Себеби, хожалығымыз ағзалары менен бирге, 23 гектар жерге шигит сеўип, оннан гүзде 82 тонна өним жетистириўге еристик ҳәм белгиленген шәртнама режесин 230 процентке орынлаўға еристик. Бул әлбетте, бизлерге үлкен қуўаныш бағышлайды.
-Байрам алдында Өзбекстан Республикасы Аўылхожалығы министрлиги тәрепинен «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықландым,-дейди Қараөзек районындағы «Абат» фермер хожалығының баслығы Кеўлимжай Ешимбетов.-Бул маған және де күш-жигер бағышлайды.
Республикамыздың барлық аймақларынан келген мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлериниң концерт бағдарламалары болса, илажға көтериңки руўх ҳәм заўық бағышлап, халық сейилиниң көтериңки кейпият бағышлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.