Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсан мәплери жоқары қәдирият дәрежесине көтерилген болып, бунда барлық илажлар «Инсан қәдири ушын», ал, ийгиликли әмеллер болса «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстин»-деген принцип тийкарында турмыста өз сәўлелениўин таўып атыр. Онда пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм сапластырыў, нызамлы мәплерин тәмийинлеў жолында барлық илажлар көрилмекте.
Өткерилген қабыллаўда да мине, усы принцип тийкарында пуқаралардың тилек-өтинишлери, оларды қыйнап атырған машқалалары тыңланды.
Қабыллаўға өзиниң машқалалары менен 450 ге шамалас пуқара келген болып, 476 мәселе бойынша мүрәжат етти. Соннан, 146 мүрәжат яғный, улыўма 31 проценти сол орынның өзинде шешип берилди.
Суд-ҳуқық, салық, автомобиль жоллары, бәнтлик сыяқлы 123 мәселеге тийкарлы түсиниклер берилген болса, мүддет талап ететуғын 207 мүрәжат қадағалаўға алынды ҳәм қысқа мүддетте орынлы шешим табыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.









