Онда Республикалық қан қуйыў станциясының бас шыпакери ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшысы Г.Абдрахманова тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар, жаңалықлар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз тәрепинен халықтың денсаўлығын қорғаўға айрықша итибар қаратылып, халыққа медициналық хызмет көрсетиўде бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, қан хызметине жаңа технологиялардың кирип келиўи, қан донорлығы қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жетилистирилиўи, зәрүр нызамлы тийкарлардың жаратылыўы бул хызмет түриниң раўажланыўы ушын кең мүмкиншиликлерди пайда етпекте.

Қарақалпақстан Республикасында қан хызмети Республикалық қан қуйыў станциясы ҳәм емлеў-профилактикалық мәкемелериндеги 17 қан банклери тәрепинен әмелге асырылады. Республикалық қан қуйыў станциясы тийисли бағдарламаларға муўапық кредит есабынан 1 млрд. 257 млн сумлық заманагөй қан сақлаў ушын арналған музлатқышлар, плазмаферез, гемоцитоферез, лабораториялық әсбап-үскенелер ҳәм бир мәртелик қолланба материаллар менен тәмийинленди. Сондай-ақ, емлеў-профилактикалық мәкемелери, қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспелери қурамындағы қан қуйыў бөлимлери (қан банки) арнаўлы қан компонентлерин сақлаў ушын арналған музлатқышлар менен үскенеленди.

– Республикада қан және оның компонентлерин таярлаў, қайта ислеў ҳәм тексериў процесслерин орайластырыў жумыслары да әмелге асырылды,-дейди Г.Абдрахманова. – Яғный, алдын барлық емлеў-профилактикалық мәкемелериндеги, қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспелериндеги қан қуйыў бөлимлери қан таярлаў, қайта ислеў, тексериў жумысларын әмелге асыратуғын болса, ҳәзирги күнде олардың барлығы тайын қан компонентлерин сақлаў, қан компонентлерин наўқасларға қуйыў, донорларды жыйнаў ҳәм өзлеринде бар таяр қан компонентлериниң резервин сақлаў ўазыйпаларын атқаратуғын қан банклерине айландырылды.

Республикамызда 2024-жылдың жуўмағы менен улыўма донорлар саны 6834 ге жетти. Турақлы донорларымыздың ҳәм ықтыярлылардың қан қуйыўға мүтәж наўқасларға берип атырған қалыс жәрдеминиң баҳасы жоқ, әлбетте.

Кадрлардың дәрежесин, билимин, тәжирийбелерин, маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў бойынша да бир қатар жумыслар исленди. Ҳәзирги ўақытта қәнигеликлери бойынша барлық штат бирлиги (21 штат) толықтырылды. Соннан 8 шыпакер гематология ҳәм трансфузиология қәнигелиги бойынша клиникалық ординатураны ҳәм 1 шыпакер магистратураны тамамлаған.

Илаж даўамында қатнасыўшылар қан қуйыў станциясындағы шыпакерлер ҳәм қан тапсырыўға келген пуқаралар ушын жаратылған шараятлар менен танысып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.