Жаңа Өзбекстанда "Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын" деген ийгиликли идея тийкарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар себепли халқымыздың абаданлығын арттырыў, көп миллетли жәмийетимизде тынышлық-татыўлық, дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў бағдарындағы жумыслар сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилмекте.
Булардың барлығы кеңпейиллик, сақаўат ҳәм шүкиршилик тымсалы болған мүбәрек Рамазан айын елимизде тыныш-татыў, пайызлы ҳәм саўлатлы орталықта өткериўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Буны елимиз арасында инсаныйлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт, кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж шахслар, жәрдемге мүтәж шаңарақларға итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў сыяқлы жоқары инсаныйлық пазыйлетлер ҳәзирги күнлерде және де айқын көзге тасланып атырғаны да тастыйықлайды.
Уллы әййям - муқаддес Рамазан ҳайытын мине усындай ийгиликли жумысларды избе-из даўам еттирген ҳалда ҳәр тәреплеме мүнәсип күтип алыў, өткериў ҳәм оның мәнисинде жәмленген жақсы қәдирият ҳәм дәстүрлерди кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде қарар етемен:
Усы жылы Рамазан ҳайытының биринши күни 30-март - екшемби күнине туўра келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилип, мәмлекетимизде 2025-жыл 30-март күни Рамазан ҳайыты байрамы сыпатында кеңнен белгиленсин.
2. Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 208-статьясына муўапық:
(а) жумыс исленбейтуғын байрам күни есапланған Рамазан ҳайытының биринши күни 2025-жылы екшемби - дем алыс күнине туўры келиўи мүнәсибети менен усы дем алыс күни 31-март - дүйшемби күнине көширилиўи;
(б) бунда өндирис-техникалық ҳәм шөлкемлестириў шараятлары (үзликсиз өндирис, халыққа күнделикли хызмет көрсетиў, нәўбетшилик тийкарында ислеў ҳәм басқалар) себепли исленбейтуғын байрам күнлери тоқтатып турыў мүмкин болмаған жумысларды орынлаўда дем алыс күнлери көширилмейтуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте аймақларда Рамазан ҳайытын халқымыздың миллий дәстүр ҳәм үрп-әдетлерине үнлес ҳалда өткериў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын.
Туризм комитети Транспорт министрлиги менен биргеликте ўатанласларымыз ушын Рамазан ҳайыты күнлеринде қәдирли зыярат орынлары ҳәм тарийхый орынларға зыяратларды шөлкемлестириў мақсетинде қолайлы шараят ҳәм имканиятлар жаратсын.
Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Рамазан ҳайытын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.Қ.Давлетовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев.