Халықтың энергия дәреклерине талабын қанаатландырыў мақсетинде ҳәр жылы көплеген жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул жумыслардың нәтийжесинде соңғы бес жылда электр энергиясын ислеп шығарыў 30 процентке көбейип, 81,5 миллиард киловатт саатқа жетти.
2035-жылы елимизде электрден пайдаланыў 121 миллиард киловатт саат болыўы есап-санақ етилген. Сол себепли узақты ойлап, энергетиканың барлық бағдарларын раўажландырыў илажлары көрилмекте. 2030-жылға барып, жәми генерацияда "жасыл" энергия үлесин 54 процентке жеткериў режелестирилген.
Онда ең потенциаллы бағдарлар суў ҳәм атом қуўатлықларынан пайдаланыў болып есапланады.
Атап айтқанда, 2025-2026-жылларда улыўма қуўатлылығы 167 мегаватт болған 2 983 микро ГЭС қурыў белгиленген. Бул жойбарлар нәтийжесинде 500 миллион киловатт саат экологиялық таза электр энергиясы ислеп шығарылады, 151 миллион метр куб тәбийий газ үнемленеди. Қурылыс дәўиринде 1 200, жойбарлар иске қосылғаннан кейин 520 пуқара жумыслы болады.
Презентацияда энергетика министри усы жылы әмелге асырылатуғын жойбарлар бойынша мәлимлеме берди. Атап өтилгениндей, быйыл қуўатлылығы 65 мегаватт болған 1 мың 185 микро ГЭС қурылады. Олардың көпшилиги исбилерменлер тәрепинен иске қосылады.
Келешекте атом энергиясы да базалық дәреклерден бирине айланыўы нәзерде тутылған. Ҳәзирги күнде елимизде киши қуўатлылықтағы атом электр станциясын қурыў жойбары үстинде жумыс алып барылмақта. Болажақ станцияның ҳәр бир басқышы - жойбарластырыўдан баслап жуўмақланғанына шекем Халықаралық атом энергиясы агентлигиниң қатаң қадағалаўы астында болады, дүньяның ең алдынғы тәжирийбелери ҳәм қәўипсизлик талаплары енгизиледи.
"Ўзатом" агентлигиниң басшысы бул бағдардағы сөйлесиўлер ҳәм келисимлер, жойбардың барысы бойынша мәлимлеме берди.
Режедеги объектлерди өз ўақтында иске қосып, халық ҳәм экономика тармақларын қосымша энергия менен тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.