"Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-222-санлы, 10.07.2025-ж.) қабыл етилди.
Қарарға бола, миллий ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллық даңқлы сәнеси Жаңа Өзбекстанның раўажланыў дәрежеси, жәҳән майданындағы абырай-мәртебесине ҳәр тәреплеме мүнәсип тәризде, жоқары дәрежеде белгиленеди.
Ғәрезсизликтиң 34 жыллығына бағышланған байрам илажлары "Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!" деген ийгиликли идеяны өзинде жәмлеген ҳалда өткериледи.
Ғәрезсизлик байрамы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында, сондай-ақ, барлық қала ҳәм районлар, аўылларда мүнәсип белгилениўи тәмийинленеди.
"Ана дияр - реңлер жилўасында", "Ўатан ушын жасайық!", "Ең уллы, ең әзиз" сыяқлы дәстүрий таңлаўлар жоқары дәрежеде өткериледи.









