Ҳүрметли Президент Уллы Мәртебели Мырза, Саудия Арабстаны Патшалығының ҳүрметли инвестициялар министри Ҳолид ал-Фалиҳ, қәдирли шериклер ҳәм мийманлар!
Бәринен бурын, бәршеңизге тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеўге руқсат еткейсиз!
Сиз кейинги сегиз жылдағы тығыз бирге ислесиўде басқа мәмлекетлер әсирлер даўамында ислей алмаған жумысларды әмелге асырдыңыз. Бүгин буны тек ғана усы илаж қатнасыўшылары емес, ал пүткил дүнья көрип тур.
Ҳақыйқатында да, қысқа мүддетте бундай үлкен жетискенликлерге ерисиў ҳәр қандай дүнья жетекшиси ушын қыйын ўазыйпа.
Президент мырза, мен алдын айтқанымдай, бундай кең көлемли өзгерислерди әмелге асыра алған тек ғана еки басшыны билемен. Бириншиси - бул Сиз, екиншиси болса Саудия Арабстанының мийрасхоры ҳәм Бас министри, Уллы мәртебели Мырза Муҳаммад бин Салмон.
Бүгин биз Өзбекстанда көрип атырған барлық жетискенликлер ҳәм табыслар - бул Сизиң өз жумысыңызға болған терең исенимиңиз ҳәм пидәкерлик мийнетиңиздиң нәтийжеси болып есапланады. Булардың ҳәммесин Сиз Ўатанға, өз халқыңызға шексиз муҳаббатыңыздан ислеп атырсыз.
Мен 24 мәмлекеттиң басшылары менен сөйлесиў имканиятына ийе болдым, бирақ сиздей өз халқын шын кеўилден сүйетуғын басшыны ушыратпағанман. Соның ушын да халқыңыз Сизди жақсы көреди, қәдирлейди.
Сиз бенен жигирма мәртебе ушырасыў бахтына миясар болдым. Ҳәр бир ушырасыў алдынан жақсылап таярланаман, айтатуғын сөзлеримди ойланып көремен. Бирақ ҳәр сапар Сизиң идеяларыңыз, күш-ғайратыңыз ҳәм әмелий ислериңиз таярлаў мүмкин болған барлық нәрседен жоқары турады. Сиз бәрқулла күш-ғайрат пенен ҳәрекет етесиз, бар күш-ғайратыңыз бенен ислейсиз ҳәм бәрқулла нәтийжеге ерисесиз.
Сизлер жергиликли ҳәм сырт ел инвесторларына үлкен итибар қаратып, ҳәмме ушын тең имканиятлар жаратып атырсыз. Сизиң ҳәрекетлериңиз бенен Өзбекстан ҳәр қандай компания ҳәм мәмлекет ушын инвестиция киргизиўдиң ең тартымлы бағдарларынан бирине айланды.
Сиз нәтийжели басқарыў ҳәм ашық-айдынлыққа сүйенип, өтмиштиң аўыр мийрасын жеңип өттиңиз ҳәм мәмлекетимиз тарийхының жаңа бетин жаздыңыз.
Мен 15 мәмлекетте инвестициялық жойбарларды әмелге асырғанман, 30 дан аслам мәмлекетте болғанман. Қайсы жерге барсам, "Жаңа Өзбекстан" ҳаққында еситемен. Бул Жаңа Өзбекстан - Сизиң халқымызға садықлығыңыз, тынымсыз мийнетиңиздиң жемиси.
Бүгин пүткил дүнья сизлерди көрип, сизлерден үйренип атыр. Сизиң басшылығыңызда күни-түни жумыс ислейтуғын исенимли ҳүкимет ҳәм пидайы жәмәәт бар. Күнине 18-20 саат, ҳәптесине жети күн мийнет ететуғын ҳүкиметти тек ғана Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстанында көрдим. Соның ушын Сизди халық жақсы көреди, инвесторлар ҳәм көплеген мәмлекетлер ҳүрмет етеди. Дүньяның барған сайын көп халқы Өзбекстанға турист сыпатында, дос сыпатында, инвестор сыпатында келиўди қәлейди.
Өзбекстан уллы тарийхқа ийе, бирақ Сизлердиң жетискенликлериңиз де бул тарийхтың әҳмийетли бөлегине айланған. Ең әҳмийетлиси - Сиз ҳеш қашан жетискенлик пенен тоқтап қалмайсыз. Ҳәзирги күнде де 30 миллиард долларлық жойбарлар иске қосылғаны, жақын жылларда жаңа бағдарларда жумыслар басланатуғынын атап өттиңиз.
Президент Мырза, Сизиң тийкарғы мақсетиниз - халықтың турмыс дәрежесин арттырыў. Сизлер жасларға үлкен исеним менен қарайсыз, себеби жаслар - Жаңа Өзбекстанның күши ҳәм келешеги.
Сегиз жылда Жаңа Өзбекстанның беккем тийкары жаратылды. Қуда қәлесе, жақын жылларда мәмлекет өзиниң бар потенциалын толық жүзеге шығарады ҳәм Жаңа Өзбекстан нелерге уқыплы екенин дүнья жүзи әлбетте көреди.
Президент мырза, билдирилген исеним ушын рахмет. Бундай кең көлемли өзгерислерге басшылық етип атырғаныңыз ушын сизлерден оғада миннетдармыз.
Мениң еки устазым бар: бириншиси - Мийрасхор ҳәм Бас министр Муҳаммад бин Салмон Уллы мәртебели Мырза, екиншиси - Сиз, Президент Мырза. Мен сизден көп нәрсе үйрендим, Сиз мениң устазымсыз.
Сизге және бир мәрте шын жүректен миннетдаршылық билдиремен!