"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, ҳәптениң екинши ярымында ҳаўаның температурасы 2-3 дәрежеге көтериледи. Күндизги ўақытлары ҳаўа 35-37 дәрежеге шекем ысыйды. Аймақтың үлкен бөлегинде аз бултлы ҳаўа-райы сақланып турады, тек ғана республиканың арқасында бултлылық күшейиўи мүмкин, бирақ жаўын-шашын болыўы күтилмейди.
Айрым жерлерде самалдың тезлиги шаң-тозаң менен 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.
Ташкентте ҳаўа алағат бултласып, шығыстан 3-8 м/с тезликте самал еседи, 2-сентябрьде айырым жерлерде шаң-тозаң менен 10-12 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы 2-3-сентябрь күнлери күндиз 31-33 градус жыллы, 4-5-сентябрь күнлери 35-37 градус жыллы болады. Түнде температура 16-18 дәрежеден 20-22 дәрежеге көтериледи.