Клубларымыз өз қарсыласларын билип алды. Қызығы сонда,
"Пахтакор" менен ушырасыў ушын Ташкентке португалиялы Криштиану
Роналду ойнап атырған Саудияның "Ал-Наср" командасы келеди. Ферғанаға
болса "Нефтчи" менен ойынға "Ал-Ҳилол" менен бирге
франциялы Карим Бензема да ушып келиўи мүмкин.
Бул ҳаққында АФК рәсмий сайты хабар бермекте.
Шек таслаў нәтийжелерине бола, "Пахтакор" БАӘниң
"Ал-Айн" ҳәм "Шабаб Ал-Аҳли", Қатардың
"Ал-Гарафа" клублары менен биргеликте Батыс конференциясының
"А" топарынан орын алды. "Нефтчи" Қатардың
"Ал-Садд" ҳәм "Ал-Шамал", БАӘниң "Ал-Васл"
клублары менен С топарында.
Мәлим болыўынша, "Пахтакор" Ташкентте Саудия Арабстанының
"Ал-Наср" ҳәм "Ал-Қодисия", Иранның "Трактор" ҳәм
"Истиқлол" командаларын қабыллайды. Ол сапарда Саудияның үш клубы -
"Ал-Ҳилол", "Ал-Иттиҳод" ҳәм "Ал-Аҳли", Ирактың
"Эйр Форс" командалары менен ушырасады.
"Нефтчи"
Ташкентте "Пахтакор"ды қабыл ететуғын клублар менен мийманлардағы
ойынларды өткереди. Ферғанаға да пайтахт гранды мийман болып баратуғын
қарсыласлар бар.
Өткен жылы
Өзбекстан Суперлигасында үшинши орынды ийелеген Қаршының "Насаф"
командасы АФК-2 Чемпионлар лигасында БАӘниң "Ал-Ваҳда", Кувейттиң
"Кувайт СК" ҳәм Бахрейнниң "Ал-Халдия" командалары менен
ойын өткереди.
Криштиану Роналду
Ташкентке келе ме екен? Жақында билемиз. Мине, "Реал" қурамында
"Алтын топ" ийеси Карим Бенземаның Ферғанаға келиўи футболымыз
тарийхында әҳмийетли ўақыя болыўы мүмкин.