Бул станцияның 2-санлы газ турбинасында роторда насазлық анықланды, деп хабар бермекте Энергетика министрлиги баспасөз хызмети. Станцияның жумысын тезирек тиклеў мақсетинде инвестор ҳәм ислеп шығарыўшының кепиллик миннетлемелерине муўапық, жаңа ротор Японияның Mitsubishi компаниясы тәрепинен таярланды ҳәм 2025-жыл 8-декабрь күни арнаўлы рейс пенен Ташкент халықаралық аэропортына алып келинди.
114 тонна аўырлықтағы қурылма аэропорттан тиккелей электр станциясының майданшасына алып келинди. Барлық жумыслар тийисли министрликлер ҳәм уйымлар, инвесторлар, жумысты бөлип алып ислеўшилер ҳәм технологиялық шериклер менен биргеликте әмелге асырылды. Жаңа роторды монтажлаў ҳәм сынақтан өткериў жумысларына бир айға шамалас ўақыт кетеди.
Бул қуўатлықларды қаплаў ушын қосымша резерв қуўатлықлар ҳәм иске қосылған жаңа энергоблоклардан пайдаланылмақта. Ҳәзирги ўақытта қуяш фотоэлектр станциялары тәрепинен электр энергиясын ислеп шығарыў булытлылық ҳәм қысқа күнлер себепли азайған.
Соның ушын айырым аймақларда электр тәмийнатында қысқа мүддетли үзилислер, тийкарынан, электрден пайдаланыў көбейген ўақытларда (саат 17:00 ден 21:00 ге шекем) бақланыўы мүмкин. Зәрүр жағдайларда тутыныўшылар алдын ала хабардар етиледи. Бул илажлар энергия тәмийнатының турақлылығын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған.
Газ турбинасына жаңа ротор орнатылғаннан соң станция жойбарланған өндирис қуўатлылығын тиклейди ҳәм электр энергиясы менен тәмийинлеў бойынша ўақытша илажлар бийкар етиледи.








