Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша электрон саўдалардың өткерилиўи нәтийжесинде бюджет ҳәм корпоратив буйыртпашылардың улыўма қаржылары 158,7 миллиард сумды қураған.
Көрип шығылып атырған дәўирде онлайн аукцион арқалы 211 телефон номери сатылған.
Биржа саўдалары
Есап бериў дәўиринде ашық биржа саўдаларында 12 723 келисим дүзилген.
ун
Биржа саўдалары арқалы 14 632,0 тонна ун сатылды. Орташа күнлик сатыў көлеми 2 926,0 тоннаны қураған.
Көрип шығылып атырған дәўирде унның күнлик орташа баҳасы 3 796,8 мың сумнан 3 697,6 мың сумға түскен. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 188 қарыйдар қатнасты.
шелуха
Өткен ҳәптеде биржа саўдалары арқалы 9 518,0 тонна шелуха сатылды. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 16 қарыйдар қатнасты. Орташа күнлик сатыў көлеми 1 904,0 тоннаны қураған.
Көрип шығылып атырған дәўирде шелуханың күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 3 102,9 мың сумнан 3 081,2 мың сумға шекем арзанлады.
аммиаклы селитра
Өткен ҳәптеде биржа саўдаларында 6 872,0 тонна аммиак селитра сатылды. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 16 қарыйдар қатнасты. Орташа күнлик сатыў көлеми 1 374,0 тоннаны қураған.
Көрип шығылып атырған дәўирде аммиак селитрасының күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 3 150,1 мың сумнан 3 113,5 мың сумға шекем төменледи.