ҒМДА мәжилисинде Өзбекстанның "Дослық Аўқамы мәденият күнлери"н өткериў басламасы билдирилди

    19 қыркүйек 2025 1080

    Душанбе қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер мәдений бирге ислесиў кеңесиниң 40-мәжилиси болып өтти. Онда Өзбекстан мәденият министри Озодбек Назарбеков басшылығындағы делегация қатнасты.

    Мәжилис қатнасыўшылары қатарында Тәжикстан мәденият министри Маҳмадсаид Сатториён, Түркменстан мәденият министри Атабай Шамирадов (онлайн), Қырғызстан мәденият, мәлимлеме ҳәм жаслар сиясаты министриниң биринши орынбасары Самат Надирбеков, Россия Федерациясы мәденият министриниң орынбасары Виталий Осинцев, Қазақстан мәденият ҳәм мәлимлеме министриниң орынбасары Олжас Сидиқов (онлайн), Беларусь мәденият министриниң орынбасары Сергей Саракач, Әзербайжан мәденият министриниң кеңесгөйи Орхан Амирбеков, Армения Билимлендириў, илим, мәденият ҳәм спорт министрлигиниң басқарма баслығы Самвел Саакян, сондай-ақ, сондай-ақ, ҒМДА Атқарыў комитети департамент баслығының орынбасары Валентина Рудиковалар бар.

    Мәжилис даўамында күн тәртибине киргизилген 10 темадан ибарат кең көлемли мәселелер көрип шығылды. Олардың арасында Тәжикстанның мәденият тараўындағы мәмлекетлик сиясаты, 2025-жылы ҒМДА шеңберинде өткерилген мәдений илажлардың жуўмақлары, 2026-жылға мөлшерленген мәдений басламалар ҳәм биргеликтеги жойбарлар режеси бар.

    "Дослық Аўқамы пайтахты", "Art Expo" жойбарлары, сондай-ақ, Өзбекстанның "Дослық Аўқамы мәденият күнлери"н өткериў басламасына айрықша итибар қаратылды. Қатнасыўшылар бирге ислесиўди кеңейтиў, ҒМДА мәмлекетлери арасында мәдений сөйлесиўди раўажландырыў, гуманитарлық байланысларды беккемлеў бойынша пикир алысты.

    Мәжилис жуўмағында тәреплер ҒМДАға ағза мәмлекетлер халықлары арасында дослық ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеўге қаратылған биргеликтеги мәдений басламаларды буннан былай да қоллап-қуўатлаўға таяр екенин тастыйықлады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates