Давлатабад районында "Ўатансүйиўшилер бағы" комплексиниң ашылыўы байрамға өзине тән саўға болды. Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда ўәлаят секторлары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, кең жәмийетшилик ҳәм жаслардың ўәкиллери қатнасты.
Комплекстиң қурылысында Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген концепция бойынша талаплар орынланған: бағда көргизбе сыпатында әскерий техникалар орнатылды, Ўатан қорғаў жолында қайтыс болған әскерий хызметкерлеримиздиң бюстларынан ибарат болған "Қаҳарманлардың аты мәңги" композициясы және "Ўатан сүйиўшилик музейи" қурылды. Сондай-ақ, бағда жаслардың мазмунлы дем алыўы ҳәм шынығыўы ушын ҳәр қыйлы шынығыў майданлары, әскерий қорғаныў орайлары ҳәм басқа да имаратлар қурылды.
"Қаҳарманлардың аты мәңги" композициясында өз хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған 14 наманганлы жигитлердиң бюсти астына гүллер қойылды.
- Улым Абдулбоқи жаслығынан әскерий болыўды әрман еткен, - дейди Үшқорған районы "Қайқы" аўылынан келген Муҳаммадали ата Холматов. - Әрманы орынланып, әпиўайы әскерден сержантлыққа шекемги жолды басып өтти. Тәғдир екен, өз хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болды. Перзент жоғалтыўынан күйген болсақ та, бүгин оның естелигине көрсетилген ҳүрметтен төбем көкке жетти. Усы бағда баламның тулғасы турғанынан қуўаныш таптым.
Ҳақыйқатында да, Наманганда байрам күни таныстырыў өткерилген "Ўатансүйиўшилер бағы" елдиң мәрт перзентлери ушын ҳақыйқый естелик болды.
Илҳамжон Раҳмат