Ерте таңда сүмелек сейилинен басланған байрам илажы университет бас имараты алдындағы бәҳәр мәўсимине сай гөззал көринис астында  өткерилген концерт бағдарламасы менен даўам етип, жыйналғанларға жоқары кейпият бағышлады.

Байрам илажына профессор-оқытыўшылар, студент жаслар, миллий мәдений орайлардың белсендилери ҳәм мийманлар қатнасты.

Илажда шығып сөйлеген университет ректоры Б.Жоллыбеков жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, елимизде жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар, оқыў орнындағы ерисилип атырған табыслар ҳаққында айтып өтти.

Студент жаслардың ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң миллий кийимлерин кийип, сол халықлардың үрп-әдет дәстүрлери менен таныстырыўы байрамға және де өзгеше кейпият инам етти. Миллий қосықлар жаңлап, аяқ ойынлар атқарылды, спорт ойынлары бойынша жарыслар ҳәм халқымыздың үрп-әдет дәстүрлерин сәўлендириўши көргизбелер шөлкемлестирилди.

Әсиресе, миллий өнерментшилик буйымлары көргизбеси, қарақалпақ халқының қараүйиниң безетилиўи бәршениң нәзерин тартты. Сүмелек, жүўери гүртик, наўрыз гөже ҳәм басқа да миллий тағамлар, сондай-ақ, ата-бабаларымыздың қолланған гүби, уршық, әтөшкир, шыңғобыз, қоржын, кели-келсап сыяқлы буйымлары көргизбеге өзгеше көринис бағышлады. Көргизбеде қатнасқан студент жаслардың арасында қол өнерментшилиги менен шуғылланыўшылардың көпшиликти қурайтуғынлығы ҳәм олар жасаған буйымлар қатнасыўшылардың итибарын тартты.

Илаж даўамында мийманлар судентлер тәрепинен таярланған миллий үрп-әдет көргизбелери, бәҳәрги тағамлар қойылған дастурханлар ҳәм жаслардың дөретиўшилик үлгилери менен жақыннан танысты. Түрли миллет ҳәм халықлардың өзине тән мәдениятын сәўлелендирген нама қосықлар ҳәм аяқ ойынлар байрамға ҳақыйқый бәҳәрги кейпият бағышлады. Сондай-ақ, сейил шеңберинде факультетлер арасында байрам илажына сай ҳәр қыйлы номинациялар бойынша өткерилген таңлаўдың ҳәм миллий спорт түрлери бойынша өткерилген спорт жарысларының жеңимпазлары мүнәсип сыйлықланды.

Бул күн студентлер ушын тек ғана байрам емес, ал дослықты, бирликти беккемлеўши әҳмийетли илаж болды. Наўрыз байрамы жасларды миллий қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе екенлиги және бир мәрте өз тастыйығын тапты.

Байрам илажына Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қ.Шарипов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы М. Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Отемуратов қатнасты.

 

 

 

Г.Турдышова,

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.