Наргиза Россия чемпионы болды

    Россия Федерациясы Волгаград қаласында жас өспиримлер арасында қылышласыў спорты бойынша Россия чемпионаты болып өтти.

    Чемпионатқа Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы спортшылар да табыслы қатнасып қайтты.

    Атап айтқанда, Нөкис олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлеринен таярлаў орайының тәрбияланыўшысы Наргиза Утебаева финалда москвалы Александра Сентюшкина менен беллесип, өз қарсыласын 15:10 есабында жеңип шығыўға миясар болды ҳәм алтын медаль ийесине айланды.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.