Жойбар адамлардың жасалма жолдаста турақлы болыўын тәмийинлеўи ҳәм жаңа космослық стратегияның тийкарғы элементи болыўы керек.
Қайта көрип шығыў бурынғы режелерге де тийисли болды: NASA әмелде Gateway орбиталық станциясының раўажланыўын тоқтатпақта. Оның орнына қурылған модуллердиң бир бөлегин Ай бетине алып шығып, келешектеги базаның инфраструктурасына киргизиўди қәлейди. Бул қарар, әсиресе, америкалы ҳәм европалы шериклер тәрепинен ислеп шығылып атырған турақ жай модуллерине тийисли.
Ай комплексин жаратыў басқышпа-басқыш әмелге асырылады. Биринши басқышта агентлик роботластырылған қоныў аппаратларынан пайдаланған ҳалда миссиялар санын көбейтиў, сондай-ақ, жаңа технологияларды, соның ишинде, байланыс системаларын сынақтан өткериўге айрықша итибар қаратады. Буннан соң турақлы базаның жумыс ислеўи ушын зәрүр болған техникалар - қоныў модуллери, роверлер, дронлар ҳәм энергетика қурылмаларын жайластырыў режелестирилген.
Келешекте кеминде еки жумысты бөлип алып ислеўшиниң қатнасыўында ярым жылда бир мәрте Айға адамның пәрўазын жолға қойыў режелестирилмекте, деп жазады gismeteo.ru.
Жаңа стратегия мәмлекет дәрежесинде қойылған ўазыйпалар менен байланыслы: АҚШ 2028-жылға шекем астронавтларды Айға қайтарыў ҳәм 2030-жылға шекем турақлы мәкан жайды қәлиплестириўди баслаў нийетинде. Соның менен бирге, Artemis бағдарламасы жоқары баҳа ҳәм кешигиўлер себепли сынға алынып атырған еди. 2025-жылға барып оның қәрежетлери 93 миллиард долларға жетиўи есап-санақ етилген.