Атап өтилиўинше, онда жерлесимиз Навбаҳор Ҳамидова жеңип шығып, усы категориядағы жарыста алтын медалды қолға киргизген биринши өзбекстанлы боксшы қызға айланбақта.
Жерлесимиз финалда Олимпиада ҳәм үш мәрте жәҳән чемпионы түркиялы Бусеназ Сурменелини 5:0 есабында жеңип шығыўға еристи. Усы жеңис пенен Ҳамидова алдынғы 2 жеңилис ушын мүнәсип реванш алыўға еристи.
Солай етип, сайланды командамыз бул жарысты 1 алтын ҳәм 4 қола медаллары менен жуўмақлады.
Алтын медаль:
-65 кг: Навбаҳор Ҳамидова
Бронза медаль:
-54 кг: Феруза Казакова;
-75 кг: Азиза Зокирова;
-80 кг: Соҳиба Рўзметова
+80 кг: Алтынай Сатымбаева









