Өзбекстан делегациясы ҳәкимлер тәжирийбесин арттырыў бағдарламасы шеңберинде тәжирийбе алмасыў ҳәм қалаларды режелестириў және басқарыўдың алдынғы тәжирийбелерин үйрениў мақсетинде Түркияда жүрипти, деп жазады "Юксалиш" ҳәрекети мәлимлеме хызмети.
Делегацияға "Юксалиш" ҳәрекетиниң баслығы, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы комитетиниң депутаты Бобур Бекмуродов басшылық етпекте.
Наўайы ҳәкими Дилмурод Эргашев ҳәм Зейтинбурну мери Омер Арисайдың ушырасыўы сапардың әҳмийетли ўақыяларынан бири болды. Ушырасыў даўамында Наўайы (Өзбекстан) ҳәм Зейтинбурну (Стамбул, Түркия) арасында дос қала статусында бирге ислесиў протоколына қол қойылды.
Мағлыўмат ушын: Зейтинбурну қолайлы жайласыўы себепли әҳмийетли экономикалық ҳәм саўда орайы есапланады. Бул жерде көплеген заводлар, базарлар ҳәм саўда орайлары жайласқан. Тоқымашылық санаатынан тысқары, Зейтинбурну логистика ҳәм транспорт тараўларында да әҳмийетли орынға ийе.
Еки тәреплеме ҳүжжет экономикалық бирге ислесиў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, жаслар сиясаты ҳәм спорт, туризмди раўажландырыў ҳәм мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў, экологиялық басламалар, энергетика, мәлимлеме технологиялары ҳәм транспорт сыяқлы кең бағдарларды қамтып алады.
Тәреплер қәнигелер алмасыўы, бизнес жәмийетшилиги ҳәм инвесторларға жәрдем бериў мәселелеринде келисип алды. Бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплеринен бири социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламлары, соның ишинде, балалар, майыплар ҳәм кексе пуқараларды қоллап-қуўатлаў болып есапланады.
Сапар шеңберинде Өзбекстан делегациясы Зейтинбурнудағы заманагөй қала жойбарластырыў жойбарлары менен танысты. Қала орталығын абаданластырыў, экология ҳәм инфраструктура тараўында инновациялық шешимлерди енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Еслетип өтемиз, 10-февраль күни Өзбекстан делегациясының Түркияға сапары шеңберинде Самарқанд ҳәм Коня арасында дос қала статусында бирге ислесиў протоколына қол қойылған еди.